Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатында Аралбойы машқалаларына айрықша тоқтап, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў бойынша басланған мисли көрилмеген жумысларымызды даўам еттирип, теңиздиң қурыған ултанында тоғайзарларды кеңейтиў, Нөкис, Үргенш ҳәм Хийўа қалалары аймағында «жасыл белбеў»лерди жаратыўымыз лазым, деп атап өткен еди.

Өзбекстан экологиялық партиясының басламасы менен Олий Мажлис Сенаты ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасы депутатларынан ибарат топар Мойнақ районына барып, Арал теңизиниң қурыған ултанына сексеўил ҳәм басқа да шөлге шыдамлы егинлерди егип атырған жумысшыларға ҳармасын айтыў мақсетинде «Аралға мәдет» акциясын шөлкемлестирди.

Акцияда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң баслығы Б.Тажиев, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты И.Ҳушвақтов ҳәм басқалар шығып сөйлеп бул жерде исленип атырған жумысларға жоқары баҳа берди.

Арал теңизи ултанында быйылғы мәўсимде 626 мың гектардан аслам майданға cексеўил, қандим, қарабарақ ҳәм басқа да шөлге шыдамлы өсимликлер егилди.

Бүгинги күнде бул ийгиликли жумысларға республикамыздан ҳәм елимиздиң бир қатар ўәлаятларынан 1500 ден аслам жумысшы ҳәм механизаторлар, 850 техника, 4 киши самолётлар қатнаспақта. Соның ишинде, өзлериниң 500 ден аслам техникалары менен келген 900 ге шамалас жумысшы ҳәм механизаторлар, Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Тоғай хожалығы хызметкерлери ўәлаятлардан келип жумыс ислемекте.

Акция даўамында «Жасыл белбеў»лерди жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Экология партиясы Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети менен биргеликте Мойнақ районындағы Мерес аўылында жайласқан «Балықшылар үйи» үй музейиниң әтирапында экология ҳәм агротуризмди раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған «Арал теңизи бағы»ның ашылыў мәресими өткерилди.

– «Аралға мәдет» акциясы шеңберинде пүткил Өзбекстан халқына мүрәжат қабыл еттик. Түрли ўәлаятлардан еки тоннадан аслам сексеўил ҳәм басқа да шөлге шыдамлы өсимликлердиң туқымын жыйнадық,-дейди депутат И.Ҳушвақтов. – Биз бул жерде өткен жылдың декабрь айынан берли ўәлаятлардан келип өзгерисли ықлым шараятларына қарамастан жумыс ислеп атырған жумысшылардың пидәкерлик мийнетлериниң гүўасы болдық.

Мойнақ районында «Арал теңизи бағын» шөлкемлестирдик. Биз алып келген сексеўил туқымларының 20 проценти өнип шықса да бул жерде үлкен тоғайзарлық пайда болады, деп ойлайман.

Илажда сексеўил егиў жумысларында белсендилик көрсетип атырған бир қатар жумысшыларға естелик саўғалары тапсырылды.

Акция шеңберинде жумысшылар ушын дастурхан жайылып, концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.