Дүньяның ҳәр қыйлы үлкелеринде жаратылған жазба дәреклеринде шығысқа тән мәмлекетлик басқарыў ҳаққындағы баҳалы тәжирийбе өз сәўлелениўин тапқан. Мәмлекет ҳәм ҳуқық тарийхы ҳәм теориясына байланыслы «Ал-аҳком ас-султонийя вал-валаят ад-динийя» («Султанлық ҳүкимлери ҳәм диний басқарыў қағыйдалары») шығармасы мине усындай әҳмийетли дәреклердиң қатарына киреди.

Абулҳасан Али ибн Муҳаммад Мовардий (973-1058) қәлемине тийисли бул бийбаҳа шығарма қолжазбасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги қарамағындағы Өзбекстан Миллий катапханасының фондында сақланып келинбекте.

Шығармада билдирилген X-XI әсирлердеги мусылман мәмлекетлик басқарыў системасы, ондағы лаўазымлар текшеси, жер-суў мәселелерин тәртипке салыў, тоғай ҳәм таў-кән хожалықларын шөлкемлестириў, ҳәр қыйлы дәрежедеги лаўазымлы шахслардың сиясий-ҳуқықый статусына байланыслы баҳалы мағлыўматлар өз әҳмийетин жоғалтпағаны себепли усы дәректи үйрениў ҳәзирги күнге шекем даўам етпекте.

Тарийхшы илимпаз Зиёвуддин Жўраевтиң пикиринше, селджуклер ҳәм ғазнаўийлер династиясы менен бир қатарда, шығармадан темурий ҳәм бабурий ҳүкимдарлар, Бухара, Қоқанд ҳәм Хийўа ханлары да пайдаланғаны өзбек мәмлекетшилиги тарийхын үйрениў ушын оның тереңлестирилген изертлеўин әмелге асырыўды талап етеди.

Илимниң раўажланыўына салмақлы үлес қосқан ойшыл ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, «Байтул ҳикма»ниң баслығы болған кәлам ҳәм фиқҳ илиминиң билимданы Абулҳасан Мовардийдиң «Ал-аҳком ас-султонийя» шығармасы Аббасий ҳүкимдарлар Қодир Биллоҳ ҳәм Қоим Биамриллоҳтың өтинишине бола, салтанат дүзиў нызам-қағыйдаларын анық бир тәртипке келтириў мақсетинде жазылған.

«Султанлық ҳүкимлери» китабының дәректаныў изертлеўин әмелге асырыў, мәмлекетимиз ҳәм сырт ел китапханаларында сақланып атырған қолжазбалар, тарийхый ҳәм заманагөй басылымлар, Батыс ҳәм Шығыс тиллерине исленген аўдармалары ҳәм оған бағышланған салмақлы изертлеўлерди илимий айланысқа киргизиў дәректаныўдың әҳмийетли ўазыйпаларынан есапланады.

 

ӨзА