ТАҢЛАЎ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  «Ишки ислер уйымларының үлгили таяныш пунктлери» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары-Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирхановлардың атап өткениндей, жәмийетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў,  халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, пуқараларды нызамға  ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, диний экстремизмге қарсы гүресиў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бунда ишки ислер уйымлары менен халықтың бирлигин тәмийинлеў, олардың жәмийетшилик пенен бирге ислесиўин беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Соңғы жыллары пуқаралардың нызамлы ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўде Ишки ислер уйымларының таяныш пунктлери ҳәм профилактика инспекторларының атқаратуғын хызмети айрықша болмақта.  Елимиз басшысының басламасы менен «Ишки ислер уйымларының үлгили таяныш пунктлери» таңлаўының турақлы өткерилип барылыўы бул бағдардағы жумысларды еле де жетилистириўде, алдыңғы тәжирийбелерди ен жайдырыўда, ең баслысы, халқымыздың тыныш және абадан турмысын тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе.

Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиўде өрнек болып, халық пенен бирге ислесиўди жақсы жолға қойып киятырған Нөкис қаласында «Сәрбиназ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағына хызмет көрсетиўши 5-санлы Ишки ислер уйымларының таяныш пункти биринши орынды ийелеп, Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды. Екинши орын Беруний районы «Бийбазар» аўыл пуқаралар жыйыны аймағына хызмет көрсетиўши 51-санлы Ишки ислер уйымларының таяныш пунктине, үшинши орын Хожели районы «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағына хызмет көрсетиўши 150-санлы Ишки ислер уйымларының таяныш пунктине несип етти.

Сондай-ақ, «Ең пидайы сектор басшысы», «Ишки ислер уйымлары баслықларының ең белсенди жаслар мәселелери бойынша орынбасары», «Ибратлы ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы», «Ең пидайы пуқаралар жыйынының баслығы», «Ең белсенди профилактика инспекторы», «Әдил жарастырыў комиссиясы», «Ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый-ағартыўшылық қәдириятларды беккемлеў бойынша белсенди қәниге»,  «Ең белсенди жаслар жетекшиси», «Ең белсенди  ҳаял-қызлар мәселелери бойынша инспектор», «Профилактика инспекторының ең белсенди жәрдемшиси» сыяқлы номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилердиң баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

Илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.