Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-20-февраль күнлери сапар менен Түркияда болды.

Мәмлекетимиз басшысы усы нәтийжели сапардың ертеңги күни-ақ өз жумысын әдеттегидей қызғын жумыс пенен баслады. 21-февраль күни Шавкат Мирзиёев усы жылы Ташкент қаласында әмелге асырылатуғын қурылыс ҳәм социаллық жойбарлар менен танысты.

Президентимиздиң басламасы менен халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, адамлардың  турмыстан разылығына ерисиў, медициналық хызмет ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

2020-жылы Ташкентте кең көлемли дөретиўшилик жойбарлардың әмелге асырылыўы режелестирилген. Атап айтқанда, Бектемир районының Мәжнүнтал, Бектемир, Алтын тапқан, Бинокор мәҳәллелери, Ҳусейин Байқара, Зироат көшелери бойлап улыўма узынлығы дерлик 18 мың погон метр жаңа ишимлик суўы қубырлары қойлыўы мөлшерленген. Буның нәтийжесинде 6,8 мыңнан аслам халық орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленеди. Бул пайтахтымызда орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси 100 процентке жеткерилетуғынын аңлатады.

Ташкент қаласындағы «Бозсуў» ҳәм «Салар» суў тазалаў имаратларының қуўатлылығын суткасына 200 мың метр кубқа арттырыў режелестирилген.

Бүгинги күнде пайтахтымыздағы 1564 көп қабатлы турақ жайларда халыққа 5001 лифт хызмет көрсетпекте. Бар лифтлердиң 3343 и мүддетин өтеп болған. Соңғы 4 жылда 572 лифт жаңаланды.

Президентимиздиң Учтепа районына еткен сапары ўақтында берилген тапсырмаларға муўапық, усы жылы 697 лифтти жаңалаў нәзерде тутылған. Жылына 700 ден лифт жаңаланса, жақын 5 жылда пайтахттағы мүддетин өтеп болған лифтлердиң ҳәммесин алмастырыўға ерисиледи.

Сондай-ақ, көп қабатлы турақ жайларға тутас аймақларды абаданластырыў процесинде 100 балалар майданшасын қурыў, 2 жаңа автостоянка қурыў, жоллардың 100 000 метр куб бөлегин бетонластырыў, 10 000 погон метр ирригация системасын оңлаў режелестирилген. Буның ушын жергиликли бюджеттен 20,8 миллиард сум ажыратылыўы белгиленген.

Ташкент қаласының көшелерин жақтыландырыў системасын раўажландырыў ҳәм автохожалық техникаларын жаңалаў бағдарламалары әмелге асырылады. Улыўма есапта 1,047 мың квадрат метр жоллар оңланады.

Усы жылы Бектемир, Алмазар, Шайхантахур, Яшнабад районларында жаңа мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қурыў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, Бектемир ҳәм Яшнабад районларында мектеп, Сергели районында көп тармақлы емлеўхана, Чиланзар ҳәм Яшнабад районларында шаңарақлық поликлиника, Сергели ҳәм Алмазар районларында жаңа мәденият орайларының қурылысы белгиленген.

Президентимизге мине усы жойбарлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарлардың нәтийжелилиги ҳәм социаллық әҳмийетине айрықша итибар қаратты. Олардың белгиленген мүддетлерде әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.

Сондай-ақ, быйыл Токиода болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиада ҳәм XVI Паралимпиада ойынларына таярлық көриў мәселелери бойынша да мәмлекетимиз басшысына ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

Соның ишинде Олимпиадада қатнасатуғын Өзбекстан спорт делегациясы ушын арнаўлы кийимлер комплектиниң дизайни де көрсетилди.

Олимпиада ойынларында мәмлекетимиздиң миллий символлары үйлескен спортшылардың липаслары ҳәм экипировкаларының эскизи бойынша алдын таңлаў жәрияланған еди. Онда кәрханалардың дизайнерлери, жеке дөретиўши ҳәўескер ҳәм профессионал дизайнерлер қатнасты. Усынылған барлық эскизлер төреши ағзалары тәрепинен көрип шығылған.

Мәмлекетимиз басшысы таңлаў қатнасыўшылары тәрепинен усынылған елимиз спортшылары ҳәм спорт жанкүйерлери ушын липаслар дизайни ҳәм эскизлер бойынша өз усынысларын билдирди. Сондай-ақ, Токиода болып өтетуғын Олимпиадаға оғада үлкен таярлық көриў бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпаларды белгилеп берди.

ӨзА