Бир тәрепте автомобильлер, стимуляторлы спорт машиналары, мотоцикллер көргизбеси… Екинши тәрепте кейинги әўлад роботлары, ең жаңа ойлап табыўлар, инновациялық идеялар ҳәм стартап жойбарлар көргизбеси… Және бир тәрепте болса атақлы спорт шеберлеринен өзине тән шеберлик сабақлары…

Быйыл 7-февраль күни пайтахтымызда өткерилиўи режелестирилип атырған ўатансүйўишилик фестивалы бағдарламасы әне усындай қызықлы тамаша ҳәм таныстырыўларға бай. Илаж ушын «Жаңа Өзбекстанды жаслар менен бирге қурамыз» сүрени таңланған. Сол күни фестиваль мәнзили – Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы, «Hyatt Regency» мийманханасы алдындағы майдан және «Жаслар дөретиўшилик сарайы» жигит-қызлар менен ҳәр қашанғыдан толы болады.

Президентимиздиң 5 әҳмийетли басламасы шеңбериндеги бул илажлар китаплар көргизбеси, жас дөретиўшилер шығармаларының презентациялары, атақлы шайыр ҳәм жазыўшылар қатнасыўындағы доретиўшилик ушырасыўлар ҳәм мушайраларды да қамтып алған.

Бул жерге келгенлер сүўретлеў көркем өнери бойынша шеберлик сабақларына да гуўа болады. Қалаберсе, бокс, қылышласыў, қол урысы, оқ жайдан оқ атыў майданлары шөлкемлестирилиўи менен биргеликте, қатнасыўшылар скейт, роликте ушыў ҳәм басқа да заманагөй спорт түрлери бойынша шығыўлардан кеўили толады.

Өзбекстан байрағы қыстырылған үлкен ҳаўа шарының ушырылыўы – илаждың ең қызықлы ҳәм тәсирлерге бай тамашасы болыўы күтилмекте.

 

ӨзА