Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен 2019-жыл даўамында әмелге асырылған жумысларды, сондай-ақ, салық нызамшылығындағы өзгерислерди ғалаба хабар қуралларына, сол арқалы кең жәмийетшиликке жеткериўге бағышланған баспасөз конференциясы өткерилди.

Жаслар орайында  болып өткен илажда республикамыздың барлық аймақларынан келген ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, блогерлер, министрликлер, мәкеме ҳәм уйымлардың баспасөз хаткерлери, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының, Әдиллик министрлигиниң бөлим баслықлары қатнасты.

– Хабарыңыз бар, быйыл 1-январьдан баслап елимизде жаңа редакциядағы Салық Кодекси әмелиятта қолланыла басланды, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының бөлим баслығы А.Утеиев. – Салық нызамшылығындағы өзгерислер ҳәр бир пуқараны қызықтыратуғыны анық. Соның ушын да салық уйымлары хызметкерлери тәрепинен қабыл етилген жаңа ҳүжжеттиң мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаў, киргизилген өзгерислер ҳәм жаңалықларды пуқараларға түсиндириў бойынша көплеген үгит-нәсиятлаў илажлары әмелге асарылмақта. Ғалаба хабар қураллары халқымызды мәмлекетлик уйымлар менен байланыстырып турыўшы көпир болғаны себепли, биринши гезекте журналистлеримизди өзгерислерден хабардар етиў мақсетинде бүгинги пресс-конференция шөлкемлестирилди.

 

 

Илаж даўамында Әдиллик министриниң орынбасары Э.Турсуновтың өткен жылы министрлик тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы баянаты тыңланды. Атап өтилгениндей, 2019-жылы министрликке 5 мыңға шамалас мүрәжат келип түскен болып, олардың көпшилиги мийнет, турақ жай, социаллық қорғаў ҳәм жер ажыратыў мәселелери менен байланыслы.

Нызамлардың дурыс орынланыўы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелияты бойынша 562 шөлкемде үйрениўлер өткерилип, 94 мыңға шамалас нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды. Усы үйрениўлер нәтийжесинде мәкеме ҳәм шөлкемлерге 994 усыныс киргизилип, бул усынысларға тийкарланып, мәмлекетлик уйымлардың 53 қарары бийкар етилди.

Мәмлекетлик нотариал кеңселер тәрепинен пуқараларға 200 мыңнан аслам хызмет көрсетилген. Өткен жылы 132 адвокатлық дүзилмелер мәмлекетлик дизимнен өткерилип, 22 адвокатқа лицензия берилген болса, 85 юрист министрликтен сәўбеттен өтип, лаўазымға тайынланған.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси,  район ҳәм қала ҳәкимликлериниң 144 қарар жойбары ҳуқықый экспертизадан өткерилип мәмлекетлик есапқа алынды. Белгиленген талапларға әмел етпей усынылған 16 қарар жойбары ҳуқықый экспертизадан өткерилмей қайтарылды.

Өткен жылы жаңадан қабыл етилген нормативлик ҳүжжетлерди халыққа өз ўақтында жеткериў, халық пенен тығыз байланысты тәмийинлеў, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў мақсетинде 12 мыңға шамалас үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Күн тәртибиндеги екинши мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бөлим баслықлары Ф.Романов, А.Өтеўлиев ҳәм басқалар  шығып сөйлеп, «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының мазмун-мәниси, жаңа редакциядағы салық кодексинде белгиленген салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша жеңилликлер ҳаққында қатнасыўшыларға кең түрде түсиник берилди.

 

 

480 статьядан ибарат жаңа редакциядағы салық кодексине бола, бирден-бир социаллық төлем, салық төлеми ҳәм қатаң белгиленген салықтың орнына тийислилигинше социаллық салық, айланыстан алынатуғын салық ҳәм қатаң белгиленген муғдарда физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы киргизилмекте, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы Ф.Романов. – Улыўма жаңа салық ҳүжжети салық төлеўшилер, әсиресе, исбилерменлик субъектлериниң экономикалық турақлылығын беккемлеўге жәрдем береди.

Пресс-конференция даўамында журналистлерди қызықтырған барлық сораўларға жуўапкерлер ҳәм қәнигелер тәрепинен анық жуўап берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.