Ташкент қаласында 21-январь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилиси болып өтти.

Онда ҳүкимет ағзалары, орайлық уйымлардың басшылары, жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов ашты.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни жаңлады.

Депутатлар ҳәм сенаторлар қоспа мәжилисти өткериў бойынша ўақытша секретариат ҳәм мәжилисте электрон системадан пайдаланыў үстинен қадағалаў топарын сайлады, күн тәртиби тастыйықланды.

Қоспа мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы экономикада структуралық өзгерислерди әмелге асырыў, социаллық тараўларды раўажландырыў, халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, мәмлекетимизди және де раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларға айрықша итибар қаратты. Бул бағдарда әҳмийетли усынысларды алға қойып, оларды әмелге асырыў бойынша жаңадан тастыйықланатуғын ҳүкимет алдында турған тийкарғы ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимият арасындағы өз-ара нәтийжели бирге ислесиўди пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыў, атқарыў уйымлары басшыларының Олий Мажлис палаталары алдындағы есап бериўин және де арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Буннан соң Бас министрдиң кандидатурасы ҳәм Министрлер Кабинетиниң жақын ҳәм узақ перспективаға мөлшерленген ҳәрекетлер бағдарламасы көрип шығылды.

Мәмлекетимиз Конституциясының 98-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кандидатурасы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына сайлаўда ең көп депутатлық орынды қолға киргизген сиясий партия тәрепинен яки тең муғдардағы ең көп депутатлық орынларға ийе болған бир неше сиясий партия тәрепинен усынылады.

Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы сайлаўда 53 депутатлық орынды ийелеген еди. Партияның жақында болып өткен Сиясий кеңеси мәжилисинде Бас министрдиң кандидатурасы көрип шығылды ҳәм Президентке усынылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Олий Мажлис көрип шығыўы ушын Өзбекстан Республикасы Бас министри лаўазымына Абдулла Ариповтың кандидатурасын усынды.

Абдулла Арипов қоспа мәжилисте Министрлер Кабинетиниң жақын ҳәм узақ перспективаға мөлшерленген ҳәрекетлер бағдарламасы ҳаққында шығып сөйледи.

Мәжилисте шығып сөйлегенлер Президентимиздиң баянатында билдирилген тийкарғы бағдарларды қоллап-қуўатлаған ҳалда өз пикир-усынысларын билдирди ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министри лаўазымына усынылған кандидатураны мақуллады.

Олий Мажлис палаталары Абдулла Ариповты Өзбекстан Республикасы Бас министри лаўазымына тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етти.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

ӨзА