Усы жылдың 16-январь күни Telegram мессенджеринде Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдәрья районында психиатр қабыллаўына келген жасы шама менен 40-45 лерде болған пуқара поликлиника имаратының екинши этажынан бойын тасламақшы болғаны ҳаққындағы видеолар тарқалды. Ишки ислер министрлиги усы ўақыяға мүнәсибет билдирди.

Мәлим болыўынша, сол күни саат шама менен 08:30 ларда Әмиўдәрья районындағы «Қылышбай» АПЖ аймағында жасайтуғын пуқара профилактикалық инспектор, лейтенант А.Юлдошевке қоңыраў етип, әжағасы Қ.Э.ниң руўхый кеселлиги қозығаны, өзине пышақ урмақшы болып атырғанын хабарлаған.

Профилактикалық инспектор А.Юлдошев шақырылған мәнзилге жетип барған. Пуқара Қ.Э. өз үйинде асхана пышағын өзине урмақшы екенлигин айтып, бақырып атырғанын көрген. Оны тынышландырып, қолындағы пышақты алып қойған. Тийисли ҳүжжетлерди рәсмийлестириў ушын оны руўхый кеселликлер емлеўханасына алып барған.

«Районлық орайлық емлеўханасының екинши этажында услап турылған ўақтында пуқара Қ.Э. қашыў нийетинде екинши этаждың айнасын ашып, төменге секирмекши болған ўақытта профилактикалық инспекторлар А.Юлдошев ҳәм М.Дүйсенбаев оны услап қалған», – деп жазылған хабарда.

Ҳәзирги ўақытта Қ.Э. Нөкис қаласындағы руўхый-нерв кеселликлери емлеўханасына жатқарылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.