Елимизде жасларға болған итибарды еле де күшейтиў, оларды мәденият, көркем өнер, дене тәрбиясы ҳәм спортқа кеңнен тартыў, жасларда мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, елимиз жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айырықша итибар қаратылып, Президентимиз тәрепинен усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде бес баслама ислеп шығылған еди.

Бүгин, 17-январь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Бес баслама – бес имканият» атамасында жаслар арасында бир неше илажлар өткерилди.

Дәслеп институттың волейбол бойынша қызлар сайланды командасы жаслар ушын мастер-класс шөлкемлестирди.

Тәжирийбели тренер-оқытыўшы Азат Казаков басшылығында спортшы қызлар жасларға волейбол спортының қағыйдаларынан баслап, ҳәрекетлениў шәртлерине шекем түсиниклер берип, әмелде биргеликте орынлады. Институттың волейбол бойынша қызлар командасы өткен 2019-жылы май айында Жоқарғы лига командаларының XXVI Өзбекстан чемпионатында жеңимпаз болып, команда ағзалары «Спорт устасы» дәрежесине ерискен еди. Сондай-ақ, спортшы қызлар Өзбекстан суперкубогында да жеңимпаз болып, абсольют жеңимпаз деп табылған еди. Ҳәзирги ўақытта институтта 20 дан аслам спорт түрлери бойынша дөгереклер студентлер ушын жумыс алып бармақта. Жаслар бос ўақытларында усы дөгереклерде спорт ҳәм саламатлық илажларында қатнаспақта.

Институтта жаслардың бос ўақытларын көркем өнер ҳәм театрға бағдарлаў бойынша үлгили жумыслар әмелге асырылмақта. Институттың талантлы жасларын жәмлеген «Туран» студентлер театр-студиясы жасларда сахналық мәденияттың қәлиплесиўи арқалы өз қәбилетлерин көрсетиўине хызмет етип келмекте. Театр-студия жаслары 2018-жылда республикалық «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўында барлық жоқары оқыў орынлары командалары арасында сыйлы 2-орынды ийелеген болса, 2019-жылы ярым финал басқышына шекем жетип барды.

Алып барылып атырған усындай жумыслар өз нәтийжелерин бермекте. 2019-жылы Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында өткерилген биринши Халықаралық бақсышылық фестивалында институттың музыкалық тәлим бағдарының студенти Муҳаммед Төребеков та қатнасып, ашық даўыста дәстан айтыў номинациясы бойынша сыйлы 3-орынды ийеледи. Музыкалық тәлим бағдарының және бир талантлы студенти Динара Нуратдинова 2019-жыл июль айында Польшада болып өткен «Золотая лодка» халықаралық таңлаўында қатнасып, Грузия, Украина, Әзербайжан, Россия, Италия сыяқлы еллерден келген талант ийелери қатарында сахнаға шығып өз өнерин көрсетти ҳәм гран-при жеңимпазы болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң жас талант ийелерин анықлаў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў және мүнәсип хошаметлеў мақсетинде ҳәр еки жылда бир мәрте шөлкемлестирилетуғын «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының 2019-жылдағы лауреатлары арасында институт студент-жаслары бақсы Муҳаммед Төребеков ҳәм жыраў Әдилбек Бахтыбаевлардың да болғаны институт, улыўма Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларының тарийхында биринши мәрте болғанын айырықша атап өтиў орынлы.

Институттың музыкалық тәлим бағдарының студентлери Баҳадыр Қуўатбаев ҳәм Қәллибек Муҳаммеддинов усы жылдың 4-7-январь күнлери Қазақстан Республикасы Нур-Султан (Астана) қаласында өткерилип атырған V Халықаралық көп жанрлы «Gloria» фестивалында қатнасты.

ҒМДА мәмлекетлериниң көркем өнер ҳәм мәденият тараўындағы талантлы жаслары қатнасқан усы фестивальда Баҳадыр Қуўатбаев «Әжинияз» операсынан Әжинияздың ариясын атқарып, академиялық вокал (соло) бағдарында гран-при жеңимпазы деп табылды.

Институттың және бир студенти Қәллибек Муҳаммеддинов эстрада бағдары бойынша усы фестивальда 1-орынды ийеледи.

Бүгин усындай жетискенликлерге ерисип атырған институтта жаслардың мәденият ҳәм көркем өнерге, театрға болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде бир неше илажлар шөлкемлестирилди.

 

Институтта бес баслама шеңберинде жасларды китапқумарлыққа бағдарлаўға айырықша итибар қаратылған. Институт мәлимлеме-ресурс орайында «Китапқумарлар клубы» шөлкемлестирилген болып, онда белгили шайыр ҳәм жазыўшылар менен ушырасыўлар, китап ярмаркалары ҳәм басқа илажлар турақлы өткерилип келинбекте.

Бүгин институттың мәлимлеме-ресурс орайында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, өзбек ҳәм қарақалпақ әдебиятындағы орны гиреўли тулғалар Әлийшер Наўайы, Бабур, Әжинияз, Бердақ, Ибрайым Юсупов дөретпелерин талқылаўға бағышланған ушырасыў өткерилди.

«Китапқумарлар клубы»ның турақлы ағзалары болған қәбилетли студент-жаслардан дүзилген «Ғәрезсизлик жаслары» командасы «Тафаккур синовлари» таңлаўының республикалық басқышында Өзбекстан жоқары оқыў орынлары командалары арасында 1-орынды ийеледи. Бул Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары тарийхындағы биринши нәтийже болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.