USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 9 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Өзбекстан Президенти Сергей Лавровты қабыл етти

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-январь күни мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген Россия Федерациясының сыртқы ислер министри ўазыйпасын атқарыўшы Сергей Лавровты қабыл етти.

Ушырасыў басында Президентимиз стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлыққа тийкарланған еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыў пәти барған сайын артып баратырғанлығын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер турақлылыққа ийе болғаны, өз-ара алмасыўлар мисли көрилмеген дәрежеде жеделлескени, көп қырлы бирге ислесиўлер, бәринен бурын, саўда-экономикалық, инвестиция, энергетика, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық, билимлендириў тараўлары ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда кеңейип атырғанлығы буны айқын дәлиллейди.

 

 

 

 

Сергей Лавров қызғын қабыллағаны ушын мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық билдирди ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң шын жүректен сәлемлерин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди. Мәмлекетлеримиздиң өз-ара бирге ислесиўде бүгинги дәрежеге ерисиўинде еки мәмлекет басшыларының шешиўши роли айрықша атап өтилди.

Ушырасыўда Өзбекстан-Россия қатнасықларының әҳмийетли мәселелери көрип шығылды, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылды.

Быйылғы жылда өткерилиўи режелестирилген жоқары дәрежедеги ушырасыўларға таярлық мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

                                                                                                              ӨзА