БАСПАСӨЗ ӘНЖУМАНЫ 

Усы жыл 16-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымлары хызметкерлери тәрепинен халқымыздың тынышлығын сақлаў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, жынаятшылықтың алдын алыў бағдарындағы өткен жылы әмелге асырылған жумыслардың жуўмағы ҳәм быйылғы жылғы ўазыйпаларға бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник А.Темирханов, Ишки ислер министриниң орынбасары М.Рахматуллаев, министрликтиң Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасының баслығы Р.Ешимбетов, Патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының баслығы Ш.Абдуллаев шығып сөйлеп, өзлери басшылық етип атырған тараўларда өткен жылы алып барылған жумыслар бойынша кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимизде тынышлық-татыўлықты беккемлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм жынаятшылықтың ерте алдын алыў, пуқаралардың нызамлы мәплерин қорғаў, олардың ишки ислер уйымларына болған исенимин беккемлеў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Нөкис қаласында Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы ҳәм оның 6 бөлими, Төрткүл районындағы «Жамбасқала» массивинде Ишки ислер бөлимшеси шөлкемлестирилип,  онда тергеў, миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў хызмети шөлкемлестирилди.

Президентимиздиң өткен жылдың 20-21-август күнлериндеги сапары ўақтында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық  жақтан раўажландырыў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалар тийкарында Бозатаў районының дүзилиўи мүнәсибети менен районлық Ишки ислер бөлими шөлкемлестирилди ҳәм тәжирийбели қәнигелер менен толықтырылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-ноябрьдеги «Жынаят-орынлаў нызамшылығын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында министрликте Пробация хызмети, оның аймақлық бөлимшелери шөлкемлестирилди.  Бул болса, судлар тәрепинен еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазаларға ҳүким етилген пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды қайта таярлаў ҳәм қайта жынаят ислеўиниң алдын алыўда өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Соның менен бирге, Президентимиздиң басламасы менен елимизде жаслардың нызамлы ҳуқықларын қорғаўға қаратылып атырған  итибар және ғамқорлықтың нәтийжесинде қалалық ҳәм районлық Ишки ислер бөлиминиң жаслар мәселелери бойынша орынбасары  лаўазымы,  ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиўге көмеклесиў, оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олар арасында жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде министрликтиң Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасында Ҳаял-қызлар мәселелери  бойынша бөлим шөлкемлестирилип, қалалық ҳәм районлық Ишки ислер бөлимлеринде ҳаял-қызлар мәселелери бойынша профилактика үлкен  инспекторы лаўазымлары енгизилди. Усының нәтийжесинже жаслар ҳәм ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықтың кескин азайыўына ерисилди.

Өткен жылдың жуўмағында республикамыз бойынша улыўма жынаятшылық алдыңғы жылға салыстырғанда 5 процентке, жынаят излеў тараўындағы жынаятлар 18 процентке азайды. Республикамыз аймағындағы 411 пуқаралардың өзи-өзи басқарыў уйымының 96 сында жынаятшылық азайған болса, 161 пуқаралардың өзи-өзи басқарыў уйымында бирде-бир жынаят болмады. Нөкис қаласы аймағында «Қәўипсиз қала» концепциясының енгизилиўи менен күни-түни патруль хызмети жолға қойылды.  Олар тәрепинен жәмийетлик орынларда биймезгил жүрген, гүман туўдырған адамлардың шахсын анықлаў, олардың қатнасыўында жүз бериўи мүмкин болған унамсыз жағдайлардың алдын алыўға ерисилмекте.

Баслы мәселе, ҳуқықбузарлықлардың ақыбетлери менен гүресиў емес, ал ерте алдын алыў, жүз бериўге имкан берген себеп ҳәм шараятларды өз ўақтында сапластырыўдан ибарат. Буның ушын халықтың арасына еле де тереңирек кирип барыў, олардың машқалаларын үйрениў, жасларымызды Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларды ҳәр қандай унамсыз иллетлерден сақлаў жолында жәмийетлик шөлкемлер, кең жәмийетшилик пенен биргеликте жумыслар алып барыў талап етиледи.

Баспасөз конференциясында ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ҳәм блогерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.