Қанлыкөл районында майыплығы болған, аўыр турмыс шараятында жасап, перзентлерин тәрбиялап атырған 10 ҳаялызға турақ жайлар басланғыш төлемсиз берилди.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Республика ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова, район ҳәкими Д.Толыбаев ҳәм басқалар  тәрепинен Президентимиздиң басламасы менен соңғы жылларда ҳаял-қызларға, әсиресе, социаллық жәрдемге мүтәж ҳәм аўыр жағдайға түсип қалған, майыплығы болған  ҳаял-қызларға социаллық-ҳуқықый, психологиялық ҳәм материаллық жәрдем көрсетиў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар атап өтилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 12-апрельдеги «Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, майыплығы болған, кем тәмийинленген, перзентлерин толық емес шаңарақта тәрбиялап атырған ҳәм турақ жайының шараятын жақсылаўға мүтәж аналарға арзан турақ жайлар бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў бойынша 2019-жылға белгиленген Мәмлекетлик бағдарламаның тийисли бәнтлерин орынлаўда әмелий қәдемлерден бири болды.

Тапсырылған турақ жайлардың басланғыш төлемлери республика бюджетинен тысқары қаржылар ҳәм Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң Жәмийетлик фонды есабынан төленди.

Илаж соңында жаңа турақ жайлардың гилтлери өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды ҳәм район ҳәкимлиги тәрепинен ҳәр бир үй ийесине музлатқыш саўға етилди.

Соның менен бирге, усы күни 150 жумыс орнына ийе, заманагөй тигиў машиналары менен тәмийинленген «Жайхун барака чеварлари» тигиў цехы, «Қанлыкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында барлық қолайлықларға ийе мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми,  район орайында Бәнтликке көмеклесиў орайының имараты, «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Нәўше» мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 180 орынға мөлшерленген «Мәденият орайы» имараты жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.