«Ўатансүйиўшилик айлығы» мүнәсибети менен Нөкистеги 44-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде билим алып атырған 4-5-класс оқыўшыларының Ўатанға муҳаббат сезими сәўлеленген рәңбәрең көркем сүўретлеринен ибарат «Өзбекстанбахытлы балалар мәмлекети» атамасында көргизбеси қойылды.

«Мен де әскер боламан!», «Мениң әкем ўатан қорғаўшысы», «Ўатанға ант» сыяқлы бир-биринен қызықлы темаларды қамтып алған 100 ге шамалас дөретиўшилик жумыслар оқыўшылардың бай дүньятанымын, ўатан қорғаўшыларына шексиз ҳүрметин ҳәм ҳәўеслерин сәўлелендирген.

– Көргизбе биз, әскерлерге мүнәсип саўға болды. Сүўретлер арқалы балалардың бизлерге болған пәк сезимлерин билип алдық, – дейди майор И.Нўмонхўжаев. – Бул сыяқлы илажлардың турақлы түрде өткерилиўи жас әўладтың ўатансүйиўшилик руўхында камалға келиўинде әҳмийетли тийкар бола алады.

Илаж даўамында бир топар оқыўшыларға әскерий бөлим сәркардалығы тәрепинен ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.