Усы жыл 25-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң қәнигелери орынларға шығып, «Исеним» мәлимлеме-ағартыўшылық  ресурс орайы, Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги Нөкис филиалы менен биргелике үгит-нәсият илажларын әмелге асырды.

Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет – адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мәжбүрий мийнеттиң алдын алыўға қаратылған нызамшылықтағы жаңалықларды пуқараларымызға жақыннан таныстырыў ҳәм исеним телефонларына мүрәжат етиў усыллары бойынша түсиниклер бериў болып есапланады.

 

Илаж даўамында пуқараларға мәмлекетлик шегаралардан нызамлы тәртипте шығыў, сырт еллерде мийнет шәртнамаларын  дүзиў тәртиплери ҳаққында  мағлыўматлар берилди.

Бул туўралы мағлыўматлар бериўши арнаўлы буклетлер тарқатылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.