Усы жылдың 24-декабрь күни саат 21:25 лерде Қоңырат районы аймағында транспорт басқарыўшысы, 1992-жылы туўылған Нөкис қаласының турғыны К.А. «Lacetti» маркалы автомобилин мәс ҳалда басқарып баратырғанда жолдың қарама-қарсы тәрепине өтип кеткен.

ҚР Ишки ислер министрлигиниң мәлим етиўинше, «Lacetti» жолдың қарама-қарсы тәрепинде ҳәрекетленип киятырған, 1992-жылы туўылған Қоңырат районы турғыны Т.Ш. басқарыўындағы «Cobalt» маркалы автомобили менен соқлығысқан.

Ўақыя ақыбетинде «Cobalt» басқарыўшысы Т.Ш. ҳәм оның 2017-жылы туўылған перзенти Т.М. ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатларын алып, емлеўханаға жатқарылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.