Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Ташкент қалалық басқармасы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 2-марттағы «Миллий айдаўшылық гүўалығының ҳәм автотранспорт қуралының дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықтың жаңа үлгилерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы 116-санлы қарарына бола, 2020-жыл 31-декабрь күнине шекем миллий айдаўшылық гүўалығын жаңа үлгидегисине алмастырыў мүддети белгиленген.

Миллий айдаўшылық гүўалықларын жаңа үлгилерине алмастырыў айдаўшылар тәрепинен паспорт ҳәм ески үлгидеги айдаўшылық гүўалығы ҳәм оның талоны усынылғанда әмелге асырылады.

Қарарға бола, ески үлгидеги миллий айдаўшылық гүўалықлары ҳәм автомототранспорт қуралының дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықлар 2021-жыл 1-январьдан баслап ҳақыйқый емес, деп есапланатуғыны белгиленген.

Бүгинги күнде Ташкент қаласындағы 7 районда, яғный Мырза-Улығбек, Мирабад, Учтепа, Шайхонтоҳур, Юнусабад, Яккасарой, Яшнабад районлық Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы усы мәмлекетлик хызмет көрсетип келинбекте.

 

ӨзА