22- декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлығына сайлаўлар болып өтти.

Мәмлекетимиз түрмысындағы әхмийетли сиясий процесс Президентимиздиң басламасы  менен қабыл етилген Сайлаў кодекси тийкарында пүткиллей жаңа тәризде өткерилди. Соның ишинде, сайлаўларда 5 партия қатнасты. Оларға тең имканиятлар жаратылды. Өз гезегинде, реформаларға үнлес  тәризде халқымыз белсендилиги де бақланды.

Сайлаўларда ўатанласларымыз қай жерде болыўына қарамастан, өзлериниң конституциялық ҳуқықынан пайдаланыўы ушын барлық имканиятлар жаратылып берилди. Сырт елдеги участкалық сайлаў комиссиялары сайлаўшылар тығыз жасайтуғын, ислейтуғын яки оқыйтуғын орынларда көшпели сайлаў қутыларында көшпели тәртипте мүддетинен бурын даўыс бериўди шөлкемлестирди.

Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими ҳәм Сайлаў процесин басқарыў мәлимлеме системасы биринши мәрте мәмлекет көлеминде қолланылды. Бул системаның тийкарғы мақсети сайлаўшылардың есабын жүргизиў ҳәм оларды автомат тәризде сайлаў участкаларына, участкаларды болса сайлаў округлерине бөлистириў ҳәм «бир сайлаўшы- бир даўыс» принципин әмелге асырыў есапланады.

Быйылғы сайлаўларда хәр бир участкада көзи әззи пуқаралар ушын биринши мәрте Брайль жазылыўында жазылған бюллетенлерде даўыс бериў шөлкемлестирилди. Усы сыяқлы илажлардың әмелге асырылыўы пуқаралардың сайлаў процесинде белсене ҳәм тең қатнасыўын тәмийинледи.

Сайлаўдың барысы Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Халықаралық баспасөз орайында шөлкемлестирилген брифинглерде оператив жарытылып барылди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы бир қатар сайлаў участкаларындағы даўыс бериў процеси онлайн трансляция етилди.

Өзбекстан Республикасы  Олий Мәжлис Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлығына сайлаўлар мәмлекетимизде саат 20:00 де жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы М.Абдусаломов берген дәслепки мағлыўматқа бола, сайлаўларда Өзбекстан аймағындағы 18 миллион 797 мың 810 сайлаўшыдан 13 миллион 355 мың 911 қатнасты. Бул Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизимине киргизилген пуқаралардың улыўма санының 71,1 процентин қурады.

Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 96-статьясы бойынша сайлаў, егер онда сайлаўшылардың кеминде 33 проценти қатнасқан болса, ҳақыйқый ҳәм нызамлы, деп есапланады. Соған тийкарланып Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлығына сайлаўлар болып өткен деп, есаплаў мүмкин.

Даўыс бериў процесслери  аккредитациядан  өткен 1155 жергиликли ҳәм сырт елли ҒХҚ ўәкиллери тәрепинен кеңнен жарытылды. Сайлаўлар процесинде  10 абырайлы  халықаралық шөлкемнен, дуньяның 50ге шамалас мәмлекетинен  жүзлеген халықаралық бақлаўшылар қатнасты. Буннан тысқары, сайлаўларда депутатлыққа талабанлар көрсеткен сиясий партиялардан ҳәм пуқаралардың өз-өзин басқарыў уйымларынан  70 мыңнан аслам бақлаўшы қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлығына сайлаўлардың дәслепки натийжелери 23- декабрь күни болып өтетуғын баспасөз әнжуманында жарияланыўы күтилмекте.

 

Нурилло НАСРИЕВ, ӨзАның хабаршысы