Олий Мажлис Нызамшылық палатасына Қарақалпақстанның 8 округинде сайлаўлар өткерилген болса, соның 7 округинде талабанлар сайланған.

Сайлаў кодексине муўапық, даўыс бериўге қатнасқан сайлаўшылардың ярымынан көбисиниң даўысын, яғный 50 проценттен аслам даўыс алған талабан депутат етип сайланған, деп есапланады.

Қарақалпақстан бойынша Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын 1 округте талабанлардың биреўи де жетерли муғдарда даўыс ала алмағанлығы себепли усы округлерден депутат сайланбады.

 

Партиялар көрсеткишлери төмендегише:

 

ӨзЛиДеП – 3;

«Миллий тикланиш» – 2;

Халық демократиялық партиясы – жоқ;

«Адолат» СДП – 1;

Экопартия – 1 орын алыўға муўапық болды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.