Хожели районында бир күнде 6 балалар бақшасы, 2 азық-аўқат дүканы ҳәм музыка мектеби пайдаланыўға тапсырылды.

Хожели районындағы «Наўрыз» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 2-санлы балалар бақшасының, «Жанқоңырат» мәкан пуқаралар жыйынында «Болажон маркази-2», «Қумжыққын» елатында «Зийрек балажан», «Сарышүңгүл» аўыл пуқаралар жыйынында «Бийбиназ», «Пәрўаз» мәкан пуқаралар жыйынында «Шахноза», «Сәрбиназ» мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң, «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 4-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң жаңадан қурылған имаратының, сондай-ақ, «Водник» посёлкалық пуқаралар жыйынында еки азық-аўқат дүканының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда район ҳәкимлигинен, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигинен, Ҳаял-қызлар комитетинен ўәкиллер, нуранийлер қатнасып, район халқын жаңа объектлердиң пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

– Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде мектепке шекемги билимлендириў тараўын реформалаў, соның ишинде, мәмлекетлик емес балалар бақшалары тармағын раўажландырыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта, – дейди Хожели районлық ҳаял-қызлар комитетиниң бас қәнигеси Б.Айымбетова.- Районымызда жаңадан ашылған бақшаларда тәрбияланыўшылар ушын барлық шараят жаратылған. Итибарлысы, бул мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде 36 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.