Айырықша жағдайлар министрлиги Ташкент метрополитени Юнусобод жолының жаңадан қурылып атырған бөлиминде жүзеге келген айырықша жағдай бойынша гезектеги мағлыўматты жәриялады. Мәлим болыўынша, ҳәзирги ўақытта ўақыя орнында излеў-қутқарыў жумыслары жуўмақланған.

«Ўақыя жүз берген орында алып барылған оператив излеў-қутқарыў жумыслары нәтийжесинде 6 пуқараның жансыз денеси топырақ астынан алып шығылды ҳәм олардың ким екенлиги анықланды. Излеў-қутқарыў жумыслары жуўмақланып, Комиссия жумысының дәслепки фазасы жуўмағына жетти.

Ҳәзирги ўақытта Комиссия тәрепинен ҳәдийсениң себеплери ҳәм ақыбетлерин үйрениў және сапластырыў жумыслары жедел түрде даўам еттирилмекте, бул жағдайдың жүзеге келиўине себепши болған ҳәм жол қойған жуўапкер шөлкем ҳәм адамлар анықланбақта. Сондай-ақ, жойбарды әмелге асырыў процесинде усы ҳәм басқа кеўилсиз жағдайлардың қайталаныўының алдын алыў бойынша зәрүрли илажлар ислеп шығылмақта.

Бахытсыз ҳәдийсе ақыбетинде қайтыс болғанлар жасаў мәнзилине жеткерилди. Бөлип алып ислеўши-қурыўшы шөлкемлер тәрепинен олардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына 100 миллион сумлық дәслепки компенсация пуллары төлеп берилди. Соның менен бирге, әмелдеги нызамшылыққа муўапық, қосымша компенсация пуллары төлеп бериледи», -деп жазылған министрликтиң хабарында.

Жағдай бойынша Ташкент қалалық прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 257-статьясының 2-бөлими «а» бәнти ҳәм 258-статьясының 2-бөлими «а» бәнти тийкарында жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.