АҚШтағы «Time» журналы швециялы экобелсенди Грета Тунбергти «Жыл адамы» деп жәриялады. Хош, буған не себеп болды?

Грета Тунберг экологиялық машқалалар ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресип киятырғанлардың арасындағы ең белгилиси болып табылады. 2018-жылы ол Стокгольм парламенти имаратының алдында наразылық билдириў ушын ҳәр ҳәптедеги жума күнги сабақларына қатнаспаған. Бул дүньядағы мыңлаған жасларға тәсир еткен ҳәм «Fridays for Future» («Келешек ушын сарпланған жума») халықаралық шөлкеминиң пайда болыўына себепши болған.

2019-жылы августта Грета Нью-Йорктағы БМШның климат мәселесине арналған саммитине қатнасыў ушын Атлантика океанын желқомлы кемеде жүзип өткен. Саммитте шығып сөйлеген сөзинде ол адамзат экологиялық машқалаларға шешим таппаса улыўма қырылып кететуғынлығын, сондай-ақ, сиясатшылар тек ғана ақша ҳәм экономикалық өсим туўралы ойлайтуғынлығын батыл түрде айта алған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.