Экологиялық партия ўәкили Арал теңизин қайта тиклеў ушын Сибирь дәрьяларының суўларын алып келиў жойбарына қайтыўды усыныс етти. Бул усынысты Россия Илимлер академиясының хабаршы ағзасы, Ширшов атындағы Океанология институты директорының орынбасары Пётр Завьялов жоқары баҳалады, деп жазбақта Sof.uz сайты.

Партия ўәкили дәрьялар ағысын өзгертиў ямаса жаңа каналлар қазыўды емес, ал қубыр қурыў имканиятын көрип шығыўды усыныс етпекте.

Экология ҳәм океанология тараўларындағы россиялы қәнигениң сөзлерине қарағанда, Арал теңизиниң экологиялық апатшылығы әллеқашан регионаллық дәрежеден шығып үлгерген ҳәм ол системалы шешимлерди әмелге асырыўды талап етеди.

– Әлбетте, бул бирден қабыл етилетуғын популистлик қарар болмаўы керек – бундай жойбарлар кең көлемли экологиялық ҳәм инженерлик баҳалаў жумысларын талап етеди. Сибирь климаты өзгериўшең, душшы суў оғада көп ҳәм ол жерде турақлы түрде суўдың тасыўы болып турады. Ыртыш дәрьясы суўының бир бөлиминиң Орта Азияға ағыўы Өзбекстан машқаласын шешиўи ҳәм Россиядағы жағдайды нормалластырыўы мүмкин, – деп айтып өткен Завьялов.

Оның атап өтиўинше, бундай суў қубырын қурыў жүзлеген миллиард долларға түсиўи мүмкин, бирақ бул газ ҳәм нефтьтиң аналогы болыўы мүмкин.

– Ең баслысы, бул қайта тикленетуғын ресурс. Не ушын биз газ ҳәм нефтьти сатқанымыз сыяқлы суўды да сата алмаймыз!? Мен бул жерде ҳеш қандай қорқынышлы нәрсени көрмей турман, – деп қосымша еткен россиялы илимпаз.

Мағлыўмат ушын, Сибирь дәрьяларының суўын Орайлық Азияға алып келиў ҳаққындағы дәслепки пикирлер 1868-жылы Киев университетиниң питкериўшиси Я.Демченко тәрепинен алға сүрилген. Бурынғы Аўқам дәўиринде болса бул жойбар көбирек сиясий түс алып, Орайлық Азия еллерин өмирликке Россияға бағынышлы мәмлекет сыпатында қалдырыў жобаларынан бири болып хызмет еткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.