САЙЛАЎ – 2019

Усы жыл 13-декабрь күни Арқа-батыс әскерий округи Нөкис гарнизонында 5-санлы «Қоскөл» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабанлар менен әкерий хызметкерлердиң ушырасыўы болып өтти.

Илажда Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы шөлкеминен талабан Мақсетбай Балтабаев, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинен талабан Гүлбәҳәр Изентаева, Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинен талабан Ахмед Реймов ҳәм Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинен талабан Оңғарбай Турдымуратовлардың исенимли ўәкиллери шығып сөйлеп, талабанлардың өмир ҳәм мийнет жолы менен таныстырды.

Соңынан депутатлыққа талабанлар өзлериниң сайлаўалды бағдармалары менен шығып сөйледи.

Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.