– Автомобильдиң артқы орнындағы 12 жасқа шекемги болған балалар;

– Транспорт қуралын оқыўшы басқарып атырған ўақытта автомототранспорт қуралын ямаса қалалық электр транспортын басқарыўды үйрететуғын әмелий шынығыўлар инструкторы;

– ҳәмиледар ҳаяллар, денсаўлығы қәўипсизлик белбеўин тағыў имканиятын бермейтуғын наўқас жолаўшылар;

– артқа ҳәрекетти әмелге асырып атырған басқарыўшылар;

– халық жасаў орынларында ҳәрекетлениўде – жөнелисли такси басқарыўшылары, таксидиң артқы орнындағы жолаўшылар;

– халық жасаў орынларында сыртқы тәрепине арнаўлы реңли графикалық сызылмалар сызылған транспорт қуралларының басқарыўшылары ҳәм жолаўшыларына қәўипсизлик белбеўин тақпаўға рухсат етилген, деп жазбақта Sof.uz сайты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.