Россия Федерациясында басып шығарылатуғын жетекши баспалардан бири – «Московский комсомолец» газетасының 2019-жыл 3-декабрь санында белгили журналист Михаил Ростовскийдиң мәмлекетимизде жүз берип атырған реформаларға бағышланған «Өзбекстан алға илгерилемекте» атлы мақаласы жәрияланды. Төменде усы мақаланың аўдармасы берилмекте.

Президент Мирзиёевтиң дәўир хроникалары: қалайынша бурынғы Совет Аўқамы республикаларының ишинде ең жабық есапланған мәмлекетлерден бири жедел пәтлер менен раўажланып атырған мәмлекетлерден бирине айланбақта.

Бурынғы СССР жеринде Россияның ҳәмме ўақытта да қолайлы ҳәм тил табыса алатуғын болмаса-да, бирақ қүдиретли ҳәм исенимли бирге ислесиўши ҳәм аўқамласлары көп пе? Бизге белгили «бөлинбейтуғын аўқам» 15 республиканы өз ишине алған. Бирақ жоқарыда айтылған дизимди дүзиў ушын бизге бир қолымыздың да бармақлары жетеди. Москва менен сөйлесиўлер ўақтында Қазақстан бәрқулла өз мәплерин қатаң қорғап келеди, лекин Нурсултан Назарбаев бурынғы аўқам жеринде бәрқулла интеграцияның бас интакери болып ортаға шығады. Александр Лукашенконың Кремльге байланыслы жасалма ҳәм ҳақыйқый қапа болыў және наразылықлары соншелли әдет түсине енгенинен, олар дерлик қатаң қабыл етилмей қойды. Бирақ Москва ҳәм Минсктиң қорғаныў тараўындағы бирге ислесиўи себепли мине бир неше он жыллардан берли беларусь флангасындағы шегараларымыз беккем. Путин ҳәм Арменияның әмелдеги басшысы Никола Пашинянның жеке қатнасықларында көбинесе келиспеўшиликлер жүзеге келеди. Бирақ қоңсылас Әзербайжан менен көп жыллық, ҳалдан талдыратуғын дәрежедеги келиспеўшиликке кирискен Ереванның Россиядан басқа сүйенген таўы жоқ. Бул кишкене дизимимизге және бир мәмлекеттиң қосылғанын мәлим етиўден қуўанышлыман. Бул жақын ўақытқа шекем «жалғыз сейил етиў»ди абзал билген, Орайлық Азиядағы ең әҳмийетли мәмлекет есапланатуғын Өзбекстан болып есапланады.

acfc75c7-1c76-40e3-a412-6c8412bc18bd.jpg

Самолётымиз ярым түнде Хорезм ўәлаятының орайы Үргенш қаласында қоныўға таярланған ўақытта өзимиз ушын вип-зал буйыртпа бермегениме үш есе өкиндим. Ушыў ўақтында танысларымнан бири өзбек шегара ҳәм бажыхана хызметлериниң әдетлери ҳаққында еситкен «қорқынышлы» ўақыяларды шериклерим менен додаладық ҳәм бир неше саат даўам ететуғын ҳәм адамның диңкесин қуртатуғын тинтиўге таярландық. Бирақ қорқыўымыз тийкарсыз болып шықты: ҳәмме нарсе қамырдан қыл суўырғандай өтти. Сапарымның соңында бул тек ғана күтилмеген бахытлы ҳәдийсе емес екенлигин түсинип жеттим.

2016-жылдың гүзинде Өзбекстанның Биринши Президенти Ислам Кәримов қайтыс болғаннан кейин, экспертлердиң дерлик ҳеш бири бул мәмлекетте ҳақыйқаттан да әҳмийетли өзгерислер жүз бериўин улыўма күтпеген еди. Регион бойынша қәнигелер бир даўыстан 33 миллион халыққа ийе мәмлекетти Каримов режиминиң даўамы күтпекте, деп болжады.

Бирақ Өзбекстанның жаңа Президенти Шавкат Мирзиёев скептиклердиң пикирин пүткиллей өзгертип жибериўге еристи. Республикада жедел пәтлер менен күни кеше илажсыз болып сезилген өзгерислер басланды. Кәримовтың дәўиринде Совет Аўқамына тән оғада көплеген тәреплер сақланып қалған еди. Өзбекстанлылар өз елин тек ғана «органлардан» шығыў визасын алғаннан кейин тәрк етиўи мүмкин еди. Мәмлекеттиң миллий валютасы  – сумның турақлы еки, бир-биринен парықланатуғын алмастырыў курсы, яғный реал емес рәсмий және қара базар курсы әмел етип, бул ушын ҳәттеки темир тордың артына отырыў да ҳеш гәп емес еди.  Оқыў жылының дәслепки айларында мектеп оқыўшылары ҳәм студентлер оқыў менен емес, атызларда пахта терими менен бәнт болатуғын еди. Сол ўақытлары бул жерде Совет Аўқамындағы бурынғы туўысқан мәмлекетлер менен мыңлаған шегара орынлары да ушырасып туратуғын еди. Мирзиёевтиң дәўиринде бундай жағдайлар өтмиште қалды.

Кейин ала Москвада Өзбекстанның еки Президенти менен  де жеке таныс болған Россия әмелдарлары менен сәўбетлесер екенмен, еки мәмлекет басшыларының минез-қулқының белгилеринде де кескин айырмашылық бар екенлигине итибар қараттым. Ҳәр қандай сәўбетлес пенен сөйлесиў ўақтында Ислам Кәримов тийкарынан монолог түрине пәт беретуғын еди. Шавкат Мирзиёев болса сөйлесиўлерде өз-ара сәўбетке айрықша итибар қаратады. Кәримов оғада жабық ҳәм басықлығы менен өзгешеленип туратуғын еди. Мирзиёев болса, керисинше, ашық тәбиятлы инсан сыпатында тән алынады.

Бирақ бул жағдайды терең үйренгеним сайын, Өзбекстанның еки басшысын салыстырыў орынсыз екенине болған исенимим және де беккемленетуғын еди. Кәримовсыз Мирзиёев сиясий майданға шықпаған болар еди. Мәмлекеттиң қаттықол Биринши Президенти тәрепинен тийкар салынған беккем сиясий тийкар болмағанда, екинши Президент ҳеш қашан Өзбекстанның пүткил дүнья ҳәм Россияға ашылыўына ерисе алмаған болар еди.

Кәримов Өзбекстанды қалайынша қутқарған?

«Имаратқа дерлик 130 метр қалғанда, көз алдымызда жарылыў жүз берди, қандайда бир буйымлар ҳәм машина бөлеклери ҳаўаға ушты. Президент аппаратына қайтыў ушын машинамды бурдым. Бул имарат теракт жүз берген жерден 600-700 метр қашықлықта болыўына қарамастан, ол жерде де жарылыў ақыбетинде айналар сынған еди. Қорқыныштан өзин жойытып қойған ҳәм албыраўшылыққа түскен адамлар көшеге жуўырып шығып атырған еди. Ислам Әбдиғаниевич олардың қасына барып, былай деди: «Қәтержам болыңлар. Бизлер бул сынақты әлбетте жеңип өтемиз…» Ислам Әбдиғаниевич жарылыў орнына жақын Министрлер Кабинетине қайтыўға қарар етти… Имаратқа келгеннен кейин, жарылыўшы затлар менен толтырылған машиналардың жарылыўынан пайда болған үлкен ойды, жарылыў толқынынан сынған айнаның сынықлары менен жарақатланған адамларды, бир бөлеги бүлинген имаратларды көрдик. Майданда турып қаланың басқа жерлеринде түрли ўақыт аралықларында жүз берип атырған жарылыў даўысларын еситтик».

87c608315f3a3719681d80583fd5d534.jpg

Өзбекстанның Биринши Президентиниң қорғаўшысы Усмон Бердимуродовтың бул гүрриңине мен Кәримов фондында маған саўға етилген естеликлер китабында дус келдим.

Әлбетте, 1999-жылдың 16-февралында жүз берген, жоқарыда атап өтилген бир қатар жарылыўлар сыяқлы драмалық ҳәдийселер Өзбекстанда ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында ҳәр күни де жүз бермеген. Бирақ бир нәрсеге гүманым жоқ: 1989-жылдың июнь айында Ислам Кәримов Өзбекстан Компартиясы Орайлық Комитетиниң биринши хаткери лаўазымында жумыс баслағанында, оғада аўыр сиясий ҳәм экономикалық мийрасқа ийе болған еди.

Өзбекстанның Биринши Президентиниң зайыбы Татьяна Акбаровнаның қолтаңбасы менен маған саўға етилген естелик китабының бетлерин ашып көрер екенмен, 90-жыллардың ақыры ҳәм 2000-жыллардың басында Өзбекстанның Москвадағы елшиси лаўазымында жумыс ислеген ески танысым Шоқосим Шоисломовтың төмендеги гүрриниң оқып қалдым: «1986-жылдың басында Москвада жасы 35 жастан аспаған 40 адамнан ибарат «жас кадрлар резерви»н дүзиў ҳаққында қарар қабыл етилди. Орайлық Комитеттиң шөлкемлестириў бөлиминиң инструкторы лаўазымында ислегеним ушын мен де бул дизимге киргизилдим. 1986-жыл март айында бизлерге Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, Өзбекстан ССР Госпланының баслығы менен ушырасыў болатуғыны ҳаққында хабар берди. Алдымызға көриниси жас, тик қәўметли бир адам шықты. Бул Ислам Әбдиғаниевич Кәримов еди. Ол артықша сезимлерге берилмеген ҳалда, басықлық пенен бизлерге республика экономикасының ағымдағы жағдайы ҳаққында айтып беретуғынын мәлим етти. Кейин ала, қағазларға қарамастан, бир саат қырқ минут даўамында бизлерди албыратып қойған мағлыўматларды билдирди. Бизлер еситкенлеримизден тек ғана өзимизди жоғалтып қоймастан, ал руўхый жақтан езилдик.

Баянатшының пикирлеринен мынадай мәнис келип шығар еди, Өзбекстан дерлик барлық тараўларда халықтың жан басына салыстырған көрсеткишлер бойынша бурынғы Аўқамда ақырғы орынларды ийелейтуғын еди. Залда аўыр тынышлық ҳүким сүрди. Созылып кеткен тынышлық себепли пайда болған қолайсызлықты жеңиў ушын, мен топар баслығы сыпатында сораў бердим: егер Өзбекстандағы жағдай соншелли аўыр болса, республика басшылығы қай жерге қарап атыр?Ислам Кәримов залға дыққат пенен қарап: «Мен де оны билиўди қәлер едим», деди.

Әлбетте, Ислам Кәримовтың заманласларын мархум устазына жақын болыўда гүман етиў мүмкин. Бирақ олар тәрепинен жағдайға берилген баҳа, Кәримовқа ҳәўес етиўден басқа ҳеш қандай пайда көрмейтуғын инсан – Өзбекстан КП ОКның биринши хаткери лаўазымында оннан алдын ислеген Рафиқ Нишоновтың естеликлеринде де өзиниң толық тастыйықланыўын табады. Еки сиясатшы арасындағы қатнасықлар өз-ара ҳүрметтен жырақ болған. Нишонов өзиниң еске алыўларында Кәримовтың фамилиясын тилге алмаўға ҳәрекет етеди. Бирақ ол өзи республика басшысы лаўазымын ийелеген қысқа – яғный бир ярым жыллық дәўирде Өзбекстандағы жағдайға берген сыпатламасының өзи айқын баҳа болып есапланады: «Жумыслардың жағдайын таллар екенмен, мен ҳәр бир тараўда кризистиң излерин көретуғын едим. Машқалалар көбейип кеткен, басты қасыўдан басқа илаж қалмаған еди».

Тилекке қарсы, бул машқалалар тек ғана Өзбекстан экономикасында ғана жыйналып қалмаған еди. СССР ҳүким сүрген соңғы жылларда сиясий турақлылық толқынлары барлық республикаларды толық қамтып алған еди. Өзбекстан усы толқынлардың алдында оғада қорғаўсыз қалды. Республиканың сиясий элитасы руўхый жақтан езилген, түскинликке бет бурған еди. «Өзбек иси» деген жасалма кампанияның бәнеси менен жоқары буўын басшылары қамаққа алынған еди. 1989-жылы жақында ғана Министрлер Советиниң басшысы болған шахс та, республика партия Орайлық комитетиниң бурынғы биринши хаткери де қамақта сақланып атырғанын айтыўдың өзи жетерли. Сол ўақытлары бурынғы аўқам республикасында бирде-бир бундай аўыр жағдай бақланбаған. Барған сайын күшейип атырған сиясий бослық, социаллық қорғаўсызлық, халық санының кескин артып барыўы ҳәм диний экстремистлер тәсириниң артып барыўы Өзбекстанда саламат емес күшлердиң зорлығы жүзеге келиўи ушын шараятлар жаратып берди. Мине усындай зорлық көрсетиў жағдайлары да жүз берди.

Рафиқ Нишонов Ислам Кәримовтың Өзбекстанның партия басшысы лаўазымына тайынланыўынан бир неше күн алдын жүз берген ўақыяларды былайынша сүўретлейди: «3-июнь кешки ўақыт мийманханада өмиримдеги ең қорқынышлы қоңыраўлардан бири шалынды. Маған Ферғанадан қоңыраў етип, Тошлоқ, Комсомольский посёлкаларында, Марғилан қаласында жәнжел-топалаңлардың жүз берип атырғаны ҳаққында хабар берди. Бир неше саатлардан берли месхети түрклердиң қырғыны даўам етер еди. Жәмлескен жаслардың топарлары үйлерге бастырып кирип, урлық етип, күш көрсетип, жаўызларша адам өлтирип, турақ жайларға от беретуғын еди. Бир күн өткеннен кейин, СССР ишки ислер министри Вадим Викторович Бакатин менен бирге Ферғанаға жөнеп кеттим. Бакатин менен бирге зыян келтирилген районларды көзден өткерер екенбиз, жолда жүк машинасына шығып алған жигитлерди ушырататуғын едик, олар қолларына таяқ, монтировка, жанатуғын заты бар бутылкалар ҳәм ҳәттеки қурал-жарақ та услап алған еди. Ең қәўипли участкаларға ишки ислер жаўынгерлери қойылған еди».

СССР тарқалған ўақытта Өзбекстан ушын сиясий көзқарастан әсиресе оғада кризисли жағдай жүзеге келди. 1991-жылдың декабринде рәсмий мәмлекетлик структуралар халық саны бойынша Өзбекстанда екинши қала есапланатуғын Наманганда жағдайды қолдан жиберди. Ҳәкимият әмелде өзин «әмир» деп жәриялаған 23 жасар Тоҳир Йўлдошевтиң басшылығындағы радикал догматиклердиң қолына өтти. Еситиўиме қарағанда, Кәримов дәрриў Наманганға ушып келген, фанатик топардың орайына кирип барған, Йўлдошевтиң қолынан микрофонды тартып алған ҳәм «Адамлар, исенбең!» деп бақырған екен. Өзбекстан Президенти аз санлы қорғаўшылары менен «Як-40» самолётында экстремистлер ийелеп алған қалаға жетип келип, халық ҳәм радикал ағым жетекшилери менен сөйлесиўге кирискен ҳәм сиясий жағынан үстинлиги менен әсте-ақырын оларды жеңген.

Күтилмеген жағдай себепли сақланып қалған, сол ўақыялар жазып алынған видеожазыўлардан көринеди, Ислам Кәримов Тоҳир Йўлдошты «ини» деп атайды ҳәм экстремистлер менен басынқылық сөйлеседи. Оның сәўбетлеслери кейин ала усы даўамлы сәўбетти көп еслеген болса керек.

Рәсмий Ташкенттиң жасырын экстремистлер менен гүреси узақ ҳәм машақатлы өтти. Бирақ Кәримов күш ислетиўди сиясий қураллар менен үнлес алып барыў арқалы тек ғана өзиниң елинде емес, ал басқа аймақларда да жағдайды өзгертиўге еристи. Орта Азиядағы турақсызлыққа қарсы гүресиўде Өзбекстанның Биринши Президентиниң роли ҳаққында Россия Илимлер академиясы Жәҳән экономика ҳәм халықаралық байланыслар институтының Жақын Шығыс изертлеўлер орайының басшысы Ирина Звягельская былайынша дейди: «СССР кризиске бет бурып, Тәжикстанда пуқаралар урысы басланғаннан кейин, рәсмий Москва алдын бул ўақыяға араласыўды қәлемеди. Россияның басшы топарларында, усы бурынғы совет республикасында демократлар коммунистлер менен гүрес алып барып атыр, деген көзқарас ҳүкимдарлық ететуғын еди.

Ислам Кәримовтың Москваға сапары жағдайды түп-тийкарынан өзгертип жиберди Өзбекстан Президенти Ельцинге оппозицияның көпшилиги ҳеш қандай «демократ» емес, ал ҳақыйқый догматик екенин түсиндире алды. Буннан кейин Тәжикстанда жайласқан, Москваға бойсынатуғын 201-ши дивизия экстремистлер менен кескин саўашқа киристи. Кәримов себепли Орайлық Азияда «домино» эффектиниң алды алынды. Регионды толық турақсызландырыў қәўипи жоғалды».

Өзбекстанның Биринши Президентинен миннетдар болыў ушын, соның өзи де жетерли деп ойлайман. 2016-жылдың сентябринде Ислам Кәримов қайтыс болғаннан кейин Владимир Путин ол ҳаққында былай деген еди:      «Ол маған жақсы мүнәсибетте еди. Ислам Әбдиғаниевичтиң жасы меннен үлкен еди, сол себепли жеке сөйлескен ўақтымызда ол маған атымды айтып, «сен» деп мүрәжат ететуғын еди. Онда қандай да бир шын кеўлилик, адамгершиликли жақынлық ҳәм жыллылық бар еди».

Ислам Кәримов Өзбекстанда қурған режимниң кемшиликлерин толық аңлаған ҳалда, мен не себептен Путин оның менен соншелли тәсиршең, шын кеўилден ҳошласқанын түсингендеймен.

Жаңа дәўир күнлери

Өзбекстанның екинши Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сиясат майданында биринши рет пайда болыўы 1991-жылға барып тақалады. Сол ўақыттағы Өзбекстан Олий Совети Ислам Кәримовқа толық садық емес еди. Парламент сессияларының биринде бир топар оппозиционерлер өзине тән жасырын өш алыўды шөлкемлестириў – Президентти өз лаўазымынан босатыўға да урынып көрди. Кәримов ҳаққындағы еске түсириўлер китабында атап өтилиўинше, сол ўақытта Олий Советте Мандат комиссиясының баслығы лаўазымында жумыс алып барған Шавкат Мирзиёев душпанларға «кескин соққы бергенлерден» бири болған.

Кейинги жылдан болажақ Президенттиң Өзбекстан атқарыў ҳәкимияты системасында хызмет текшелеринен бир тегис, соның менен бирге тез пәт пенен өсиў дәўири басланады. Дәслеп ол Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтының биринши проректоры лаўазымынан пайтахт районларынан бириниң басшысы ўазыйпасына тайынланды. 1996-жылы Шавкат Мирзиёев Жиззақ ўәлаятының ҳәкими дәрежесине көтериледи. 2001-жылы Самарқанд ўәлаятына тап усындай лаўазымға тайынланады. Ақыр-ақыбетинде, 2003-жылы болажақ Президент республиканың Бас министри етип тайынланады.

Дүньяның көпшилик мәмлекетлеринде ҳүкимет басшысы лаўазымы – ең тийкарғы ҳәм әҳмийетли лаўазым болып есапаланады. Өзбекстан да буған киреди. Бирақ оның буған киретуғынлығы сонда еди, Кәримовтың дәўиринде Бас министр өзиниң сиясий өзгешеликлерин жәмийетке көрсетиў ҳуқықына да, имканиятына да ийе емес еди. Сол жыллары Ташкентке келген Москваның жоқары лаўазымлы шахслары маған, ҳәттеки, жабық сөйлесиўлерде де Республиканың Бас министри алдыннан таярланған текстти оқып бериўге мәжбүр болғаны ҳаққында айтып берген еди.

2016-жылы Ислам Кәримов қайтыс болғаннан кейин Шавкат Мирзиёев өзиниң сиясий потенциалын айқын көрсетиў имканиятына ийе болды. Ол алдын Президент ўазыйпасын атқарыўшы, кейин ала халық тәрепинен Өзбекстан Президенти етип сайланады.

Мәмлекет басшысы сыпатындағы исенимли позициясын билиў мақсетинде Шавкат Мирзиёевтиң кейинги билдириўлериниң биреўин алып қарайық: «Биз халқымызды разы етиўимиз, халық пенен, адамлар менен тиккелей қарым-қатнаста болыўымыз керек. Бүгин ҳеш кимниң кешегидей жумыс ислеўине ҳақысы жоқ. Шекленгенлик, коррупция, таныс-билислик жумысқа ҳеш қандай жәрдем бермейди… Қала ҳәм районлардың көп ғана ҳәкимлери ески усылда ислеўин даўам еттириўди қәлейди. Егер олар халықты разы етпесе, олардың көзи жер көрмей қалса, билиң, биз оларды жумыстан босатыўға мәжбүр боламыз… Өмир бар екен, биз нийет етиўден, мақсетимизге қарай алға барыўдан тоқтамаймыз. Бирақ сен басшы сыпатында халыққа хызмет етиўге бел байлаған екенсең, жумысқа зыян ететуғын барлық мәселелерди артқа таслаўың керек… Бир қәте басылған қәдем аяғымызға кисен болады, ийне менен қудық қазғандай қыйыншылық пенен ерискен абырайымызға үлкен зыян жеткереди».

Горбачёв пенен Ельцинниң көплеген бәлентпәрўаз, бирақ турмыс ҳақыйқатлығына дурыс келмейтуғын сөзлери россиялыларда «халыққа хызмет етиў» темасындағы қурғақ сөзлерге белгили бир күлкили кейпиятты пайда еткен еди. Бирақ Шавкат Мирзиёев өзбек ҳәмелдарлары ушын пүткиллей жаңа болған сиясий мәдениятты сиңдириўге ҳәрекет еткен ҳалда, тек ғана «жумыстан босатыў» менен қорқытып атырған жоқ. Ол жеке өзине жақын болған адамлар ҳаққында сөз болғанда да усы ўәдесин орынлайды. Болажақ Президент Самарқанд ўәлаятының ҳәкими болған дәўирлерде профессионал экономист болған Зоир Мирзаев қаржы басқармасының баслығы лаўазымында ислеген еди. Бир неше жылдан кейин Мирзаев бираз көтерилип кетеди. Ол Кәримов тәрепинен Самарқанд ўәлаятының ҳәкими етип тайынланады. Кейин ала Президент Мирзиёев болса оған аўыл ҳәм суў хожалығы министри – Бас министрдиң орынбасары лаўазымын исенип тапсырады.

Президенттиң турақлы итибарында болып келген бул кадрдың карьерасы 2018-жыл октябрьге келип күтилмегенде тоқтап қалды. Зоир Мирзаев Ташкент ўәлаятының Оққўрғон районына тексериў сапары ўақтында бийдайды суўғарыў сапасынан кеўли толмайды. Бас министрдиң орынбасары «бийпәрўа аўыл хожалығы хызметкерлерин тәрбиялаў» мақсетинде олардың алтаўын суўға толы салмаға түсип, аўыр тасларды көтерген ҳалда, бир қатар болып турыўды буйырады. Алдынғы нормаларға қарағанда, бул ис-ҳәрекетте ҳеш қандай уятлы, ҳәттеки, итибарға ылайық нәрсе жоқ. Совет дәўиринде жоқары мәртебели баслықлар көпшиликтиң алдында қол астындағыларды тек ғана кемситиў емес, ал бюрократиялық тил менен айтқанда, оларға «физикалық илажлар көриў»ге де әдетленип қалған еди. Бирақ салма ҳәм тасларға байланыслы ўақыя басқаша жуўмақланады. Ўақыя сәўлеленген фотосүўрет Интернетте пайда болғаннан кейин Президент Мирзаевты өз ўазыйпасынан азат етеди.

Дерлик бир жыл даўамында алыс бир районның ҳәкими лаўазымында ислеген Зоир Мирзаев «сиясий жақтан абырай-итибарын тиклейди»: ўәлаят ҳәкими ўазыйпасына тайынланады. Бул Шавкат Мирзиёев кек сақламайтуғынынан ҳәм қәтеге жол қойған қол астындағы хызметкерлерге екинши мәрте имканият бериўге таяр екенинен дәрек береди. Бул Өзбекстан Президенти мәмлекетти модернизациялаўға кирискеннен кейин дус келген системалы машқала – тәжирийбели, исенимли ҳәм жаңаша басқарыў кадрлары жетиспеўшилигиниң көриниси еди. Бул жағдай әсиресе көбирек күш системаларына тийисли еди. Шавкат Мирзиёев олардың минез-қулқы ҳаққында айтқанда, «Прокурорлар – ең тийкарғы урылар болып есапланады!» деп тартынбастан айтады. Ўақты келгенде, ҳәзирги күнде Өзбекстанның еки бас прокуроры қамақта екенлигин айтып өтиў керек. Рашид Қодировқа коррупция ҳәм хызмет ўазыйпасынан пайдаланғаны ушын он жыл, Ихтиёр Абдуллаевқа – жынайый топарды шөлкемлестиргени ушын он сегиз жыл қамақ жазасы белгиленди. Сонысы қызық, 2018-жылы прокуратурадан кетип қамаққа алынғанға шекем Абдуллаев бир жылдан аслам ўақыт даўамында Өзбекстанның тийкарғы арнаўлы хызмети – Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Усы жылдың гүзинде Өзбекстанға шөлкемлестирген биринши сапарымнан гөзлеген мақсет – мәмлекеттиң мәдений ҳәм тарийхый дыққаттқа ийе орынларын көриў еди. Оларды тәрийплеўге сөз жетпейди. Орта әсир қаласы болған Ҳийўа ҳәм оның минаралары, сарай ҳәм кәрўансарайлары әжайып тәризде сақланған. Оны «Мың бир түн» ертегине салыстырыў мүмкин. Қарақалпақстанның ески қорғанлары адамды жоғалып баратырған цивилизациялар ҳаққында пикир жүргизиўге ийтермелейди: усы тарийхый имаратлардан айырымларының жасы еки ярым мың жылдан асады. Самарқандтың Ислам Кәримов атындағы орайлық проспектинен бурылып, қаланың тар көшелерине кириў мүмкин. Тарийхый Бухараның қайталанбас орталығын, бул гөззал жерди тәрк етиў қаншелли аўыр болғанын айтып бериў қыйын. Булардың ҳәммеси сапар ўақтында кеўлимде хош кейпият оятты.

Соның менен бирге, мен Өзбекстанда жедел пәтлер менен модернизация процеси әмелге асырылып атырғанының да гүўасы болдым. Бир тәрептен, Шавкат Мирзиёев үш жыллық басшылығы даўамында бир қанша жумыслар әмелге асырылған. Көплеген керексиз тосықлардың бийкар етилиўи себепли республикада пүткиллей басқаша орталық қәлиплеспекте. Мәмлекет пайтахты Ташкент үлкен қурылыс майданын еслетеди. Өзбекстанның әййемги қалалары сырт елли туристлер менен толы. Басқа тәрептен болса, Өзбекстанның алдында еле әмелге асырылыўы керек болған көп жумыслар турғаны көринип тур.

Президент Мирзиёев жақын арада Өзбекстан пахта жыйымын механизациялаўға өтетуғынын ўәде етти. Бирақ бизлердиң еткен сапарымыз ўақтында атызлар пахтаны ески усылда – қолда терип атырған ҳаял-қызлар менен толы еди. Үргенштен Бухараға шекем автомобильде 420 километрлик сапарымыз даўамында жолдың айырым бөлеклери дүньяның ең абат шосселерине уқсап, айырым бөлеклери болса ойлы-бәлентлер менен толы еди.

Шавкат Мирзиёевтиң алдында турған ўазыйпаның қаншелли қыйын екенлигин ноябрь айында Самарқандта болып өткен «Валдай» халықаралық дебат клубының Азия конференциясында аңладым. Клуб қағыйдаларына бола, ким не дегенин сөзбе-сөз айтып бериўге ҳақым жоқ. Соның ушын сизлерге тек ғана менде терең тәсир қалдырған россиялы эксперт сөзиниң мазмунын жеткеремен. Экономикалық модернизацияның жуўмақлаўшы мақсети нелерден ибарат? Дурыс, экономика раўажланыўының ең жоқары пәтлерин мүмкиншилиги болғанынша генерациялаўдан ибарат. Бирақ Шығыстың айырым мәмлекетлериндеги реформалардың тәжирийбеси соны көрсетеди, экономиканың жедел раўажланыўы бәрқулла мәмлекеттеги улыўма жағдайды жақсылаўдың гилти бола алмайды. Мийнет өнимдарлығының артыўы жумыс орынларының босаўына алып келеди. Жумыссызлар болса экстремистлик кейпияттың күшейиўи ушын идеал орталықты қәлиплестиреди. Сол себепли тек ғана экономиканың раўажланыўын гөзлеў емес, ал экономикалық раўажланыўды социаллық турақлылықты сақлаў менен үйлестириў үлкен әҳмийетке ийе.

Өзбекстан ушын бундай сергеклик ҳәм пуқта ойланған көзқараслар пүткиллей зәрүр есапланады. Республика халқы санының өсиў бағдарындағы статистикаға нәзер тасласақ: 1950-жыл – 6,3 миллион; 1991-жыл – 20,7 миллион, 2019-жыл – 33,5 миллион. Олардан еки миллионға шамаласы Россияда жасап, мийнет етип атырғанын атап өтиў керек. Ислам Кәримов оларға унамсыз мүнәсибетте еди. Шавкат Мирзиёев болса бул мәселеге прагматикалық қатнас жасайды. Россиялы хабардар лаўазымлы шахслардың сөзлерине бола, Шавкат Мирзиёев бул мәселениң ҳәзирги жағдайы Өзбекстанда экономикалық ҳәм социаллық турақлылықты сақлаў ушын үлкен мәдет екенин жақсы түсинеди. Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Президенти болғаннан кейин, рәсмий Ташкенттиң Москваға мүнәсибети пүткиллей өзгерди. Ислам Кәримовтың дәўирине тән сергеклик ҳәм өзин узағырақ тутыўға ҳәрекет етиўден бас тартып, жақын байланысларды тиклеў ўақты келди.

Дурысын айтқанда, «тиклеў» сөзи бул жерде орынсыз болса керек. Негизинде тиклейтуғын ҳеш нәрсе жоқ. Неге десеңиз Совет Аўқамы ўақтында жүз берген ўақыялар СССРда қалды. Соның ушын Россия – Өзбекстан бирге ислесиўиниң пүткиллей жаңа тийкары пайда болды, десек, дурыс болады. Бирақ ашық-айдын айтқанда, «жаңа тийкар» қандай болатуғыны еле белгисиз. Ҳәзирги ўақытта Москва – Ташкент қатнасықларында ҳәммени ең көп қызықтыратуғын сораў – Өзбекстан ОДКБ, яғный Коллектив қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеминиң  қорғаныў блогына ҳәм Евразия экономикалық кеңесине ағза бола ма ямаса болмай ма? Москва ўақыялардың бундай раўажланыўынан мәпдарлығын жасырмайды. Мен буны түсинемен, ҳәттеки қоллап-қуўатлайман, бирақ бир шәрт пенен. Кәримовтың дәўиринде Өзбекстан еки рет КҚШШға ағза болған ҳәм ағзалықтан шыққан. Бул бағдарда Евразия экономикалық кеңеси басламашысының көбирек әўмети келди: оған «кирис-шығыс» операциясы бир рәт әмелге асырылған. Булардың ҳәммеси унамсыз бир ҳақыйқатты сәўлелендиреди, оның қайталаныўына болса ҳеш қашан жол қоймаў керек.

Егер Орайлық Азиядағы ең күшли мәмлекет – Өзбекстан Россия қәўендерлигиндеги интеграцияласқан структураларға қайтса да, буның себеби Ташкенттиң Москваның «кеўлин көтериў» тилеги емес, ал бундай қәдем мәмлекеттиң мәплерине толық сәйкес келиўин аңлаў болады. Ўақыялардың бундай раўажланыўы сөзсиз емес, бирақ жүз бериўи мүмкин. Әлбетте, көплеген мәселелерди, әсиресе қәўипсизлик тараўындағы мәселелерди Москва ҳәм Ташкент еки тәреплеме қатнасықлар шеңберинде де шешиўи мүмкин. Бирақ экономика ҳаққында сөз еткенде, қатнасықлар шеңберинде оғада тар ҳәм киши болып қалған сыяқлы сезиледи… Мысал ушын, Өзбекстан өзи ушын ири Россия базарын ашыў тәрепдары. Бирақ Россия Евразия экономикалық кеңесиниң ағзасы болып есапланады. Сол себепли ол айырым мәселелерди экономикалық кеңестиң басқа ағзалары менен мәсләҳәтлеспестен өзи шеше алмайды. Келиң, пададан алдын шаң шығармайық. Владимир Путин ҳәм Шавкат Мирзиёев тез-тез ҳәм жақыннан сөйлесип турады. Олар өз-ара пайдалы бир қарарға келе алады деп исенемен.

Самарқандтан Ташкентке тезжүрер поезд дерлик жөнеп кетиўден алдын, мен Ислам Кәримовтың жумыс кабинетине кириў имканияты бар екенлигин билип қалдым. Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Президенти етип сайланғаннан кейин, Өзбекстанның Биринши Президентиниң жумыс резиденциясын музейге айландырыў ҳаққында қарар шығарды, өзи болса ўақтынша Сенаттың имаратында жайласты. Қаранғы түсип атырғанына қарамастан, резиденцияны көриўге болған қызығыўшылығымды сезип, қабыл етиўши тәреп маған Ислам Кәримовтың жумыс кабинетин көрсетиўге ҳәрекет етти. Ақыр-ақыбет, мениң алдымда Ташкент орайындағы Ақсарай резиденциясының дәрўазалары ашылды. Дурыс, сарайды толық көзден өткериўге ерисе алмадым:         Өзбекстанның Биринши Президентиниң артықша безеўлерден жырақ жумыс кабинетинде де, оның өзбек тилинде арқайын сөйлесе алатуғын жәрдемшиси Георгий Крайнов көп жыллар даўамында жумыс ислеген қабыллаўханада да экспозицияны монтажлаў жумыслары алып барылып атырған екен.

Ертеңги күни тап усындай ўақыя Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде жүз берди. Музей имаратына гөззаллыққа шайда болыў нийетинде жақынласқанымда, есиктеги «қайта оңлаў ушын жабылған» деген жазыўға дус келдим. Алдын бираз қапа болдым, бирақ кейин негизинде әўметим келгенин түсиндим. Енди мениң Ташкентке және сапар етиўиме себеп бар – келип Ислам Кәримов мемориаллық комплексин, көркем өнер музейин ҳәм ҳәзирги ўақытта Алишер Усманов тәрепинен қурылып атырған саўлатлы Ислам цивилизациясы орайының көркем келбетин көриўим мүмкин.

СССР бөлинип кеткеннен кейин өткен шерек әсир даўамында россиялылар Ташкент нан қаласы екенин умытқаны жоқ, бирақ бул «нан қаласы» олар ушын ҳәр тәреплеме жабық еди.

Енди болса Ташкент және ҳәммеге өз есиклерин ашпақта.

 

Михаил РОСТОВСКИЙ

ӨзА