Усы жыл 13-декабрь күни Қарақалпақстан  Республикасы Әдиллик министрлигинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Интеллектуаллық мүлк агентлиги тәрепинен әмелий-семинар шөлкемлестирилди.

Семинарда агентликтиң санаат үлгилери бөлиминиң баслығы  А.Ўринбоев интеллектуаллық мүлклердиң қорғалыўы ҳәм тараўдағы ҳуқықый тийкарлар туўралы мағлыўматлар және товар белгиси, оның дизимнен өткерилиў тәртиби, товар белгисине тийисли гүўалық, ойлап табылған өнимге патент бериў тәртиби бойынша түсиниклер берип өтти.

– Ҳәр қандай өним яки идеяны биз жаңалық деп айта алмаймыз. Ойлап табылған өним дүньяда биринши мәрте қолланылыўы тийис ҳәм ол Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы  Интеллектуаллық мүлк агентлигиниң ҳүжжетин алғаннан соң тән алынады,-дейди А.Ўринбоев.

Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Мағлыўмат ушын соны да атап өтиў керек, Интеллектуаллық мүлк агентлиги Өзбекстан Респбликасы Президентиниң усы жыл 8-февральдағы 4168-санлы қарары тийкарында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине өткерилди. Агентлик ителлектуаллық мүлк тараўында мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлеп, ойлап табыўлар, пайдалы модельлер, санаат үлгилери, товар белгилери ҳәм басқа да интеллектуаллық мүлк объектлерин ҳуқықый жақтан қорғаў бойынша жумыс алып барады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.