Ертең, 14-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси басламасы менен «Хошамет – 2019» сыйлықлаў салтанаты болып өтеди. Бул ҳаққында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының баспасөз хаткери И.Мәмбетназарова хабар берди.

Илажда талабанлар өз хызмет ўазыйпасын орынлаўда пидайылық көрсетип, жоқары нәтийжелерге ерисип ҳәм жәмийетте айрықша ҳүрметке ийе,  Өзбекстан жаслар аўқамы мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда белсендилик көрсетилгенлигине қарап:

 

– «Жылдың ең белсенди жаслар устазы»;

– «Жылдың ең белсенди ҳәкими»;

– «Жылдың ең белсенди жаслар мәселелери бойынша ҳәким орынбасары»;

– «Жылдың ең белсенди Жаслар аўқамы бирге ислесиўши шөлкеми»;

– «Жыл ең белсенди Жаслар аўқамының қалалық, районлық Кеңеси»;

– «Жылдың ең белсенди район, қала Сәрдарлар Кеңеси»;

– «Жылдың ең белсенди Жаслар аўқамының қалалық, районлық Кеңеси»;

– «Жылдың ең белсенди райоң, қала Сәрдарлар Кеңеси»;

– «Жылдың ең белсенди жас художниги»;

– «Жылдың ең белсенди журналисти»;

– «Жылдың ең белсенди жаслар жетекшиси»;

– «Жасларды тәрбиялаўдағы белсендилиги ушын»;

– «Жаслар – келешегимиз» бағдарламасы тийкарында ең көп жумыс орнын жаратқан жас исбилермен»;

– «Жылдың ең белсенди қосықшысы»;

– «Қәбилетли жасларды тәрбиялаўдағы белсендилиги ушын»;

– «Жылдың ең белсенди жас медицина хызметкери»;

– «Жылдың ең жақсы веб-сайты»;

– «Жылдың ең белсенди мектеп Сәрдарлар Кеңеси»;

– «Жылдың ең белсенди «Камалак» балалар шөлкеми»;

– «Жылдың ең жақсы қурылысшысы»;

– «Жылдың ең белсенди спортшысы»;

– «Жаслар турмысын сәўлелендириўдеги белсендилиги ушын» сыяқлы номинациялар бойынша сыйлықланады.

 

Номинациялар бойынша жеңимпаз болғанларға Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң арнаўлы дипломы, статуэтка ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылады.

Илажда креатив декорациялар, сахналық шығыўлар ҳәм кеўилге қонымлы қосық, намалардан ибарат концерт бағдарламасы бәршеге хош кейпият бағышлайды.

 

Еслетип өтемиз, «Хошамет» сыйлықлаў салтанаты Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен 2017-жылдан берли өткерип келинбекте. Дәслепки сыйлықлаў салтанатында (2017-жылы) 24 номинация бойынша елимиздиң белсенди жаслары хошаметленген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.