Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Б.Мусаев тәрепинен сектор және тийисли тараў басшылары менен бирликте Беруний районындағы «Шимом» АПЖда көшпели қабыллаў өткерилди.

Көшпели қабыллаўда 40 тан аслам мүрәжат түсип, оның көпшилиги тийкарынан коммуналлық хызмет, ишки жоллардың жағдайы, бәнтлик ҳәм салық төлемлерине байланыслы мәселелер болды. Олардың 23 и өз орнында шешимин тапты.

– Көшпели қабыллаўда емлениў мақсетинде ордер алыўыма жәрдем сораған едим. Маған районлық медицина бирлеспеси тәрепинен сол жердиң өзинде ордер рәсмийлестирилип берилди. Басшылардың райондағы ең узақ аўылға келип, аўҳалымыздан хабар алып, машқалаларымызды шешиўге жәрдемлесип атырғанынан миннетдармыз,-дейди Ш.Матмуратова.

Шешилмеген мәселелер тийисли тараў басшыларына тапсырылып, қадағалаўға алынатуғынлығы белгиленди.

Көшпели қабыллаў даўамында сектор басшылары тәрепинен аўыл турғынлары ушын «Жаңа жыл ярмаркасы» шөлкемлестирилип, онда азық-аўқат өнимлери базар баҳаларына қарағанда арзан сатылды.

Сондай-ақ, топар ағзалары бағыўшысын жоғалтқан ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардан хабар алды. Оларға азық-аўқат өнимлери ҳәм жаңа жыл саўғалары тапсырылды.

– Басшылардың қабыллаўында өзим жасап турған үйге суў, электр тармағын тартыў ушын жәрдем сораған едим. Олар тез арада жәрдем беремиз, деп ўәде берди,-дейди И.Аметова. – Мен сыяқлы социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға күнделикли азық-аўқатлық өнимлер берилгени жаңа жыл алдынан үлкен саўға болды. Бул ушын үлкен рахмет.

Топар ағзалары райондағы сайлаў участкаларының сайлаўға таярлығы менен де танысты.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.