Бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси басламасы менен «14-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн» байрамы мүнәсибети менен жаслар қатнасыўында ғалабалық акция басланды.

Акция шеңберинде жаслар Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақларын халқымыздың жети жастан жетпис жасқа шекемги аралығындағы адамларға саўға етип, олардың байрам тилеклерин қабыл етип алмақта.

Акция Нөкис қаласындағы 6 орында – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Нөкис темир жол вокзалы, 55 метрлик бийикликтеги байрақлар орналасқан орайлық майдан, Нөкис дийқан базары, «Korzinka.uz» саўда орайы, «Mega Nukus» саўда-кеўилашар орайында өткерилмекте.

Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы 1992-жыл 14-декабрьде қабыл етилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.