Сайлаў – 2019

Шымбай районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 36-санлы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебинде «Мен де даўыс беремен!» атамасында руўхыйлық сааты өткерилди.

Елимизде әҳмийетли сиясий илаж – Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларға кең көлемде таярлық илажлары әмелге асырылмақта. Быйылғы сайлаўлар биринши рет жаңа Сайлаў кодекси тийкарында өткериледи. Бул болса сайлаўдың нызамлы, ашық-айдын ҳәм улыўма жаңа басқышта өтетуғынлығының айқын дәлийли болып табылады.

22-декабрь күни болып өтетуғын сайлаўларда көплеген шымбайлы жаслар биринши мәрте даўыс береди. Бул процессте жаслар арасында сайлаў нызамшылығына киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен түсиник жумысларын алып барыў әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Усы ўазыйпаларды орынлаўға хызмет ететуғын руўхыйлық сааты «Мен де даўыс беремен!» атамасында өткерилди.

Руўхыйлық саатлары даўамында 11-класслардың класс басшылары жаңадан қабыл етилген Сайлаў кодекси менен сайлаў нызамшылығына киргизилген соңғы жаңалықлар ҳаққында оқыўшы-жасларға мағлыўмат берди. Ашық сәўбет тәризинде өткерилген сабақ даўамында оқыўшылардың сайлаўға байланыслы билимлери көплеген сораў-жуўаплар арқалы сынақтан өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Шымбай районлық халық билимлендириў бөлими тәрепинен өткерилген илажда быйылғы жылы өткерилетуғын сайлаўда биринши мәрте даўыс беретуғын жигит-қызлар 524-сайлаў участкасында болып, бул жерде жаратылған шараятлар, сайлаўдың әмелий процесслери менен жақыннан танысып, кең түрде түсиник алды.

– Быйыл биринши мәрте сайлаўда қатнасып, өзим мүнәсип деп билген талабанды қоллап-қуўатлап даўыс беремен, – дейди мектептиң 11-класс оқыўшысы У.Тайырова. – Бундай әҳмийетли сиясий илажда даўыс бериў мақтанышлы, соның менен бирге, жуўапкершиликли ўазыйпа екенлигин терең аңлап атырман. Сол себепли заманласларымның сайлаў ҳаққындағы түсиниклерин, сайлаў нызамшылығы бойынша билимлерин және де байытыўда усындай илажлар үлкен әҳмийетке ийе, деп ойлайман.

– Сайлаў процесинде жасларымыздың сайлаў нызамшылығына киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалардың мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўматларға ийе болыўы ушын районымыздағы барлық мектеплерде сайлаўларда биринши мәрте қатнасатуғын жаслар қатнасыўында ҳәр қыйлы илажлар өткерип келинбекте, – дейди 36-санлы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс басшысы У.Қалендерова. -Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген руўхыйлық сааты усындай илажлардың бири болып табылады. Онда биз оқыўшыларға Конституциямызда белгилеп берилген сайлаў ҳуқықын, сайлаўлардың әҳмийетин түсиндирдик. Руўхыйлық саатлары жасларымызды сайлаў нызамшылығы менен еле де жақыннан таныстырыў имканиятын береди.

Сайлаўларды жоқары дәрежеде өткериў, оларда биринши мәрте даўыс беретуғын жаслардың қатнасыўын тәмийинлеў бойынша үгит-нәсият илажларын әмелге асырыў  мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен өткерилип атырған бундай руўхыйлық саатлары республикамыздың барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде даўам етпекте.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.