Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-декабрь күни Японияның Нагоя қаласының мэри Такаси Кавамураны қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан менен Япония арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из раўажланып, сиясий, саўда-экономикалық, банк-финанс, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиў кеңейип атырғанын атап өтти. Бул ушырасыў Өзбекстан делегациясының Японияға рәсмий сапары алдында  өтип атырғаны атап өтилди.

Нагоя қаласы Японияның ең ири санаат ҳәм илимий орайларынан бири болып, оның менен бирге ислесиў түрли бағдарларда өз-ара пайдалы бағдарламалар ҳәм жойбарларды әмелге асырыў ушын кең перспективалар ашады.

Билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў тараўындағы шериклик, соның ишинде, 2010-жылда Ташкентте ашылған Нагоя университети ўәкилханасының жәрдеминде раўажланып атырғаны жоқары баҳаланды.

Ушырасыўда автомобиль қурылысы, қала қурылысы, тоқымашылық, жоқары технологиялар, инновациялар, туризм ҳәм басқа да бағдарларда тығыз исбилерменлик байланысларын жолға қойыў имканиятлары додаланды.

Ташкент ҳәм Нагоя қалалары арасында қол қойылыўы күтилип атырған бирге ислесиў ҳаққындағы келисим, сондай-ақ, пайтахтымызда Жоқары технологиялар паркин шөлкемлестириў жойбарын әмелге асырыў, әлбетте, узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы шерикликти және де беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Нагоя Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы бирге ислесиў ушын көпир болатуғынына исеним билдирилди.

Перспективалы бағдарламалар менен жойбарларды әмелге асырыўды алға қойыў мақсетинде «Жол картасын» ислеп шығыўға келисип алынды.

 

ӨзА