Усы жыл 11-декабрь күни Нөкисте Президент мектебиниң ашылыў салтанаты болды.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов жыйналғанларды Президент мектебиниң ашылыўы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында барлық тараўлар сыяқлы билимлендириў тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Республикамызда Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң, Наўайы кәншилик институтының, Самарқанд ветеринария медицинасы институтының Нөкис филиалларының ашылыўы, Ташкент  педиатрия медицина институтының Нөкис филиалына 75, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына 25 студенттиң квота тийкарында қабыл етилгенлиги буның айқын дәлийли болып табылады.  Буннан тысқары, быйылғы жылдың өзинде 21 улыўма билим бериў мектебиниң жаңадан шөлкемлестирилип, мектеплердиң материаллық-техникалық базасын ҳәм инфраструктурасын жақсылаў ушын жергиликли бюджеттен 150 миллиард сум қаржы ажыратылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған реформалар, дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери  республикамызға сапары ўақтында барлық тараўлар сыяқлы билимлендириўге де айрықша итибар қаратып, елимиздиң ҳәр бир аймағында биреўден жаңа типтеги Президент мектеплерин шөлкемлестириў, бул жумысты Қарақалпақстаннан, Нөкис қаласынан баслаўды усыныс еткен еди. Елбасшымыздың 2019-жыл 20-февраль күнги «Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында бүгинги күни Ташкент, Наманган, Хийўа қалаларынан кейин Нөкис қаласында Президент мектеплери ашылды.

Илажда сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары А.Садуллаев, Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлигиниң директоры С.Бабаходжаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимиз басшысының басламасы менен билимлендириў тараўын реформалаў, қәбилетли балаларды қоллап-қуўатлаў, олар ушын шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Мектептиң биринши қоңыраўы қағылып, дәслепки сабақлар басланды.

Президент мектебиниң қурылысы ушын жергиликли бюджет есабынан  67 миллиард сум қаржы ажыратылды. Атап айтқанда, заманагөй жойбар тийкарында 168  орынға мөлшерленген еки қабатлы оқыў имараты, усынша орынға мөлшерленген үш қабатлы жатақхана, барлық қолайлықларға ийе мийманхана, спорт заллары, бассейн, асхана, сабақ таярлаў ханалары оқыўшылардың хызметинде болады. Барлық зәрүр инвентарьлар Қытай Халық Республикасы ҳәм Түркия мәмлекетинен алып келинди.

Мектепте оқыў процеси қарақалпақ, өзбек тиллеринде, сондай-ақ, «STEAM» билимлендириў бағдарламасы тийкарында алып барылады. Математика, физика, химия, биология ҳәм мәлимлеме технологиялары пәнлери инглиз тилинде оқытылады. Жергиликли оқытыўшылыр менен бир қатарда Кениядан, Уллы Британиядан ҳәм Қубла Африкадан сегиз тәжирийбели қәниге мирәт етилди.

Быйылғы жылы мектепке 7500 оқыўшы ҳүжжет тапсырған болса, соннан «жүзден жүйрик, мыңнан тулпар» дегениндей, Кембридж университетиниң халықаралық имтихан бөлиминиң тәжирийбели қәнигелери тәрепинен 144 оқыўшы таңлап алынды. Ҳәр бир класста еки топарға бөлинген ҳалда 12 оқыўшыдан жәми 24 оқыўшы билим алады.

-Усы оқыўшылардың қатарында мектепке қабылланғанымнан қуўанышлыман,-дейди Әмиўдәрья районынан Шахриёр Шомурадов.-Бул жерде терең билим алыўымыз ушын барлық шараятлар жаратылған. Келешекте Президентимиздиң биз жасларға билдирип атырған исенимин ақлаўға ҳәрекет етемен.

-Мен бахытлы ата-ананың биримен,-дейди Нөкис қаласынан Алишер Қутлымуратов.-Себеби, балам Алпамыс Махмудов усы мектептиң бесинши класына жоқары баҳалар менен қабыл етилди. Перзентлеримизге бундай имканият жаратып берип атырған Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремен.

Илаж қатнасыўшылары Президент мектебинде оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.