Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының елимизде болып өтетуғын сайлаўларды узақ мүддетли бақлаўшылары миссиясы республикамызда өз жумысын баслады.

Усы жыл 4-декабрь күни  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде бақлаўшылар миссиясы ўәкиллери швециялы Бьорн Тедеман  ҳәм италиялы Алдигиери Валерия ханымды қабыллаў мәресими болды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов  мийманларды елимизде Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, республикамыздың географиялық жайласыўы ҳәм социаллық-экономикалық потенциалы менен қысқаша таныстырды. Соның менен бирге, усы жылдың 22-декабри күни Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларға таярлықтың барысына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўын өткериў бойынша 8, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге 425 сайлаў округи дүзилди.  Быйылғы жылғы сайлаўлардың «Жаңа Өзбекстан-Жаңа сайлаўлар» сүрени астында биринши мәрте халықаралық стандартлар және принциплер бойынша қабыл етилген Сайлаў кодекси, соның менен менен бирге, Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаўлар ҳаққында»ғы Нызамы тийкарында өткерилип атырғаны менен әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Барлық сайлаў округлери менен участкаларында сайлаўшылар ушын жетерли шараятлар жаратылып, олар заманагөй мәлимлеме коммуникациялары технологиялары менен тәмийинленген. Сайлаўда жаслар менен ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Өз гезегинде мийманлар жыллы-жүзлилик пенен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди. Болажақ сайлаўларға таярлық, соның менен бирге сырт елли ҳәм жергиликли бақлаўшылар ушын жаратылған шараятларға жоқары баҳа берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.