Жоқары оқыў орынларының студентлери ҳәм академиялық лицей және профессионал билимлендириў мәкемелериниң оқыўшыларына 2019-2020-оқыў жылының қысқы дем алыс ўақты 2019-жыл 20-декабрьден 2020-жыл 6-январьға шекем етип белгиленди. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, 2019-жылдың 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине улыўма халықлық сайлаўлар өткерилиўи мүнәсибети менен студентлер ҳәм оқыўшылардың өзи дизимге алынған турақлы жасаў орнында даўыс бериўи ушын қысқы дем алыс мүддети өзгертилди.

Бул ҳаққында тийисли қарар Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары басшылығында болып өткен жыйналыста қабыл етилди.

Қысқы дем алыс ўақтында жоқары оқыў орынлары, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде барлық дөгереклер, спорт-саламатластырыў бөлимлери, секциялары ҳәм клублары толық жумыс ислейди.

2020-жыл 6-январь – дүйшемби оқыўдың биринши күни етип белгиленди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.