Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 27-ноябрь күни Қырғызстан Республикасының бурынғы басшысы Алмазбек Атамбаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Өзбекистан Республикасы өзиниң Қырғызстан Республикасының  жоқары мәмлекетлик сыйлығы – «Данакер» ордени менен сыйлықланғаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Бул еллеримиз бенен туўысқан халықларымыз арасында дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары, нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыўда ерисилген үлкен жетилискенликлердиң тән алыныўы екени атап өтилди.

Сәўбетлесиўде жуўмақланып атырған жыл еки тәреплеме қатнасықларда жыйналып қалған көплеген, соның ишинде, әдеўир қурамалы мәселелерди шешиўде үлкен нәтийжелерге ерисиў имканиятын берген бирге ислесиўди жаңа дәрежеге алып шығыўда үлкен әҳмийетке ийе болғаны атап өтилди.

Қырғызстан менен Өзбекистанға жақында әмелге асырылған өз-ара мәмлекетлик сапар етиўлер еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўына жаңа пәт бергени, еллеримиз арасындағы товар алмасыў көлеминиң сезилерли дәрежеге өсиўине, ҳәр қыйлы дәрежедеги сапар етиўлер алмасыўын жеделлестириўге хызмет еткени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өзбекистан – Қырғызстан мәмлекетлик шегаралары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғанының тарийхый әҳмийети айрықша атап өтилди.

Сәўбетлесиў жуўмағында еки елдиң сыртқы сиясатында избе-изликти сақлаў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

ӨзА