Түркий кеңестиң 7-саммити қатнасыўшылары, түркий дүнья жәмийетшилигин әҳмийетли сәне – Түркий мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесин дүзиў ҳаққындағы Нахичеван келисими қабыл етилгениниң 10 жыллығы менен қутлықлаў маған үлкен қуўаныш бағышлайды.

Усы әҳмийетли ҳүжжеттиң қол қойылыўы беккем тарийхый байланыслар, тил, мәденият ҳәм руўхый қәдириятлардың ортақ екенлигине тийкарланған түркий мәмлекетлердиң нәтийжели бирге ислесиўинде жаңа дәўирди баслап берди.

Бүгин Түркий кеңес ағза-мәмлекетлер арасында сөйлесиў ҳәм кооперацияны кеңейтиў ҳәм беккемлеў, жәҳән көлеминде олардың мәплерин нәтийжели қорғаў ушын абырайлы халықаралық платформа есапланады.

Өзбекстан Республикасы үлкен түркий шаңарақтың ажыралмас бөлеги сыпатында түркий тиллес мәмлекетлер менен қатнасықларды раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратпақта. Ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен-ақ Өзбекстан түркий дүнья жәмийетшилиги тәрепинен қоллап-қуўатланған «Түркстан – улыўма үйимиз» деген басламаны алға қойды. Мәмлекетимиз түркий тиллес мәмлекетлер мәмлекет басшыларының биринши саммитлеринде белсене қатнасты. 1996-жыл 21-октябрь күни Ташкент қаласында түркий тиллес мәмлекетлер басшыларының тарийхый – төртинши ушырасыўы болып өтти. Ол түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиўин раўажландырыўда әҳмийетли дәўирди баслап берди ҳәм белгили дәрежеде заманагөй Түрк кеңесин дүзиўге тийкар болды. Сол ўақытта Ташкент декларациясына қол қояр екен, мәмлекетлер басшылары өз-ара мәсләҳәтлесиўлерди турақлы өткериў зәрүрлигин атап өтип, түркий тиллес мәмлекетлер басшылары ушырасыўларының Секретариатын шөлкемлестириўге келисип алды. Бул әҳмийетли институт буннан 10 жыл алдын Түрк кеңесиниң Нахичеван келисимине муўапық шөлкемлестирилген Бирге ислесиў кеңесиниң заманагөй Секретариатының жумысында өз көринисин тапты.

Усы жылы Өзбекстан рәсмий Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесине Нахичеван келисимине қосылыў ҳаққындағы арза менен рәсмий мүрәжат етти. Бул мүрәжат Шөлкемге ағза барлық мәмлекетлер тәрепинен жыллы күтип алынды, буның ушын оларға терең миннетдаршылық билдиремиз. Оғада қысқа ўақытта – дерлик бир жумыс күнинде унамлы жуўап берилди.

2019-жыл 14-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нахичеван келисимине қосылыў ҳаққындағы пәрманына қол қойылды. Сол күнниң өзинде-ақ оны ратификациялаў ҳаққындағы нызам қабыл етилип, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен Кеңес Секретариаты ҳәм депозитарийсына Өзбекстан Нахичеван келисимине қосылыў ҳаққында ҳүжжет жиберилди.

Исенимим кәмил, Өзбекстанның Түркий кеңеске ағза болыўы түркий дүньяға интеграцияны беккемлеўге хызмет етеди ҳәм бирге ислесиў ушын жаңа имканиятлар жаратады. Түркий кеңес ағза мәмлекетлердиң өз-ара экономикалық байланысларын беккемлеўге умтылып атырғаны ҳәзирги ўақытта оғада әҳмийетли болып табылады.

Өзбекстан Кеңеске ағза барлық мәмлекетлер менен тек ғана еки тәреплеме емес, ал бир қатар халықаралық структуралар шеңберинде де көплеген тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиў бағдарында үлкен тәжирийбеге ийе.

Түркий кеңес жумысы шеңбериндеги мәмлекетлераралық қатнасықлардың унамлы тенденциялары бизлер ушын бүгинги күнде тек ғана Түркий кеңес емес, ал БМШ, ЕҚБШ, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми, Аўғанстан бойынша «Стамбул процесси – Азияның жүреги» сыяқлы халықаралық структура ҳәм механизмлер менен өз-ара байланыслар шеңберинде де бирге ислесиўди және де кеңейтиўдиң жаңа перспективаларын ашпақта.

Кеңес мәсләҳәтлесиў мәмлекетлераралық қатнасықларды муўапықластырыўшы механизм ҳәм Орайлық Азия, Кавказ, Орта Шығыс ҳәм Европада тең ҳуқықлы, өз-ара пайдалы халықаралық бирге ислесиўди алға қойыў қуралы сыпатында үлкен имканиятларға ийе. Мениң нәзеримде, ағза мәмлекетлер арасында бирде-бир машқала ямаса келиспеўшилик жоқ екенлиги Кеңестиң ең әҳмийетли абзаллығы есапланады. Оның барлық ағзалары Түркий кеңестиң жумысы халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибине байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша бирдей екенлиги ямаса жақын бирдей көзқарас ҳәм позицияларға әмел етеди. Демек, экономика, инвестициялар, инновациялар ҳәм жоқары технологиялар, альтернатив энергетика және экология, транспорт ҳәм коммуникациялар, туризм, илим, билимлендириў ҳәм медицина сыяқлы тийкарғы тараўларда белсене бирге ислесиў ушын ҳеш қандай тосқынлық жоқ.

Түркий кеңес мәмлекетлер арасындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиўдиң әмелдеги дәрежеси бизлерди оғада руўхландырды. Ҳәзирги ўақытта оның ҳақыйқый потенциалы бираз жоқары. Бизлерде және де жоқары нәтийжелерге ерисиў ушын барлық зәрүр имканиятлар, ең баслысы, беккем сиясий ерк-ықрар бар. Бул болса, сөзсиз, халықларымыздың мәплерине толық жуўап береди.

Усы мәнисте, Өзбекстан бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери ҳәм бағдарларын белгилеп алды. Биз оларды белсене қоллап-қуўатлаўға таярмыз.

Бул, биринши гезекте, өз-ара пайдалы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды кеңейтиўге байланыслы. Бүгинги күнде усы бағдар бирге ислесиўдиң локомотиви болыўы керек, себеби ол халықларымыз абаданлығының тийкары болып есапланады. Онда мәмлекетлеримиз жетекши санаат кәрханалары, инвестициялық компаниялар, банк-финанс институтлары ҳәм исбилерменлери арасындағы кооперацияны күшейтиў, сондай-ақ, регионлараралық нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў зәрүр.

Транспорт ҳәм транзит тараўларындағы жақын кооперация байланысларын раўажландырыўдан мәпдармыз. Интеграцияласқан транспорт байланыс тармағын шөлкемлестириў дүньяның тийкарғы ҳәм регион базарларына шығыў имканиятын береди. Бул жерде сөз, дәслеп, Арқа-Қубла ҳәм Шығыс-Батыс халықаралық транспорт коридорлары, Орайлық Азия регионын Қытай, Арқа-Қубла ҳәм Қубла Азия, Жақын Шығыс ҳәм Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын автомобиль, темир жол ҳәм ҳаўа жоллары ҳаққында болмақта.

Усы мақсетте регионда транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бойынша стратегиялық жақтан әҳмийетли бир қатар жойбарлар әмелге асырылған. «Әндижан – Ош – Иркештом – Қашғар» автомобиль коридорының раўажланыўы, сондай-ақ, «Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан» темир жол қурылысының басланыўы менен және де үлкен имканиятлар ашылмақта.

Барлық тараўларға алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм инновацияларды енгизиў ҳәр қандай мәмлекеттиң бәсекиге шыдамлылығы ҳәм турақлы раўажланыўын белгилеп беретуғын фактор есапланады. Соның ушын Түркий кеңес мәмлекетлерин инновациялық раўажландырыўды бизлер тийкарғы ўазыйпа деп есаплаймыз.

Усы мүнәсибет пенен бизлер келешектеги технологияларды өзлестириў бойынша бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыў мақсетинде инновациялық раўажланыўға жуўапкер уйымлар, илимий-изертлеў орайлары ҳәм венчур компаниялары арасында жақын бирге ислесиўди жолға қойыўды усыныс етемиз.

Бизге белгили, түркий тиллес мәмлекетлер халықлары пүткил инсанияттың байлығы есапланған өзине тән бийбаҳа мәдений-тарийхый ҳәм руўхый мийрасқа ийе. Мәмлекетлеримизде түркий ҳәм ислам цивилизациясының тарийхый естеликлери, уллы илимпазлар, шайыр ҳәм ойшыллар, художниклердиң мийрасы қәстерлеп-сақланады. Бул бийбаҳа байлық пүткил инсанияттың мүлки болып, оннан пүткил дүнья жүзи заўық алыўы керек. Зыярат туризмин жедел раўажландырыў оған хызмет етеди. Туризм индустрияси экономиканың структуралық бөлеги сыпатында мәмлекетлер ҳәм халықларды жақынластырыўда әҳмийетли роль атқарады.

Бүгинимиз ҳәм келешегимиздиң перспективасын белгилер екенбиз, бизлер, сөзсиз, халықларымыздың руўхый-әдеп-икарамлылық қәдириятлары, бай тарийхы менен мәденияты, олардың көп әсирлик дослығы, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара түсинисиў дәстүрлерине сүйенемиз. Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў мәмлекетлер арасындағы қатнасықлар орталығын қәлиплестиреди, адамларды бирлестиреди. Қазақстанда Өзбекстан жылының өткерилиўи, Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Түркменстан мәденият күнлери ҳәм биргеликтеги дослық концертлери, фестиваллары, көргизбелери, сондай-ақ, адамлардың кеўлинде жыллы сезимлерди оятқан көплеген басқа қоспа илажлардың шөлкемлестирилиўи буның айқын дәлийли болып есапланады. Бул Түркий кеңестиң барлық мәмлекетлери ушын жақсы дәстүрге айланыўы ҳәм, сөзсиз, халықларымыз арасындағы дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеўге хызмет ететуғынына исенимим кәмил. Бизлер инсан капиталын раўажландырыў тараўында өз-ара бирге ислесиў ушын үлкен потенциалға ийемиз. Тәжирийбе алмасыў, қоспа билимлендириў, илимий ҳәм мәдений жойбарлар, жаслардың тәлим-тәрбияси бойынша перспективалы бағдарламаларды әмелге асырыў Түркий кеңестиң тийкарғы бағдарларынан бирине айланыўы керек.

Жәҳәнде глобалласыў, турақсызлық ҳәм қарама-қарсылық күшейип атырған шараятта ҳәзирги жақын ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў турақлы раўажланыўға ерисиў, тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде әҳмийетли роль атқарады. Мениң пикиримше, терроризм, экстремизм, шөлкемлескен жынаятшылық, наркотрафик, адам ҳәм қурал саўдасына қарсы гүресиў бойынша Түркий кеңес мәмлекетлери ҳуқық қорғаў уйымларының ис-ҳәрекетин муўапықластырыў түркий тиллес мәмлекетлер көп қырлы бирге ислесиўдиң тийкарғы өзгешеликлериниң бирине айланыўы керек.

Бүгинги күнде Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңеси жаңа, және де жедел ҳәм жуўапкершиликли раўажланыў басқышына қәдем қоймақта. Бул туўысқан мәмлекетлер ҳәм халықлар арасындағы избе-из ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўди талап етеди.

Түркий тиллес мәмлекетлердиң сиясий ерк-ықрары, ашық-айдын ҳәм конструктивлик сиясаты, мәмлекетлер басшыларының турақлы ушырасыўлары себепли регионда өз-ара исеним орталығы жүзеге келмекте. Бул процессте Өзбекстан да белсене қатнаспақта.

Түркий халықлардың уллы ўәкили, қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматов мәмлекетимиздиң тарийхдағы роли ҳаққында айтар екен, «Византия славян мәмлекетлердиң тәғдиринде қандай роль атқарған болса, өзбек халқы түркий тиллес мәмлектелер тәғдиринде тап сондай роль атқарған», деп атап өткен еди.

Бүгин де тарийхый раўажланыўдың жаңа ҳәм ҳәзирги ўақытта қурамалы басқышында Өзбекстан Республикасы түркий тиллес мәмлекетлер арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм кеңейтиўге мүнәсип үлес қосыўға таяр.

Түркий тиллес мәмлекетлер халықларын Түркий кеңестиң 10 жыллығы менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман, оларға тынышлық, аманлық ҳәм абаданлық тилеймен.

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти

«Hurriyet Daily» газетасы (Түркия),

2019-жыл 15-октябрь

 

ӨзА