Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева 16-сентябрь күни Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Мәмлекетлик думасының баслығы Вячеслав Володин басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасты.
Онда еки мәмлекет арасында парламентлераралық байланысларды және де беккемлеў ҳәм раўажландырыў мәселелери додаланды.
Кейинги жылларда еки мәмлекет Президентлериниң сиясий ерк-ықрары ҳәм исенимли ҳәрекетлери себепли Өзбекстан – Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлар жаңа басқышқа көтерилди. Сиясий, экономикалық, мәдений-гуманитарлық байланыслар избе-из раўажланбақта. Бул ҳәр еки мәмлекеттиң мәплерине толық жуўап берип, Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Россия Мәмлекетлик думасы делегациясының сапары мәмлекетлеримиз арасындағы жедел парламентлераралық сөйлесиўдиң логикалық даўамы болып есапланады. Усы жылы жоқары дәрежедеги бир қатар ушырасыўлар болып өтти. Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша Парламент топарының байланыслары беккемленбекте. Өзбекстан парламенти делегациялары Мәмлекетлик дума тәрепинен шөлкемлестирилип атырған халықаралық илажларда турақлы қатнаспақта.
Ушырасыўда халықаралық парламентлераралық структуралар шеңберинде буннан былай да жедел бирге ислесиўге таярлық билдирилди.
Вячеслав Володин басшылығындағы делегация Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нурдинжон Исмоилов пенен де ушырасыў өткерди.
Сөйлесиў ўақтында мийманға Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық мәмлекетимизде барлық тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, төменги палатаның комитет ҳәм фракцияларының жумысы, парламентаризм тараўындағы жаңалықлар ҳаққында айтып өтилди.
Россия Федерациясы Мәмлекетлик думасы менен бирге ислесиў Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жумысының стратегиялық бағдарларынан бири болып есапланады. Парламентлераралық байланысларды беккемлеў, нызам дөретиўшилиги, парламентлик қадағалаў тараўларында тәжирийбе алмасыў мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиў көлемин буннан былай да кеңейтиўге хызмет етеди.
Сөйлесиўлер жуўмағында Россия Федерациясы Мәмлекетлик думасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы арасында парламентлераралық бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Мәмлекетлик думасының баслығы Вячеслав Володин басшылығындағы делегация ағзалары сол күни пайтахтымыздағы Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейин де барып көрди.
Ғ.ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы