Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2019-жыл 1-марттағы «Көшпели суд мәжилислерин өткериў бойынша методикалық усынысларды тастыйықлаў ҳаққында»ғы РС-15-19-санлы қарары 1-қосымшасының 2.10-бәнти орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2019-жылдың апрель айында Шымбай районы «Қарақалпақстанның 50 жыллығы» көшеси 34-жайда жасайтуғын 1983-жылы 16-апрельде туўылған Қ.Нуримов пуқара М.Сабырхановтың Шымбай районы «Бахытлы» аўыл пуқаралар жыйыны Сарманжап аўылындағы үйинде ўақтынша жасап жүрип, М.Сабырхановқа тийисли болған 3 қалта карбамид минерал төгинин, бир мотопила үскенесин, 5 литр қойыў май (смазка), бир кувала, қорада турған 500  литр дизель салярка жанылғысын, металл турбаларды ҳәм 2 дана электродвигательди жәбирлениўшиниң үйинен алып шығып, пуқаралар Ж.Қайпов, Қ.Ермекбаев ҳәм Қ.Есемуратовларға сатып жиберген. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 169-статьясы 2-бөлими «г» бәнтинде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыпланған Қ.Нуримовтың жынайый иси усы жыл 28-август күни саат 15:00 те Шымбай районы «Бахытлы» аўыл пуқаралар жыйыны имаратында көшпели ашық суд мәжилисинде көрип шығылады.

Бул арнаўлы жынаят исиниң ашық көшпели суд мәжилисинде көрилиўи белгиленгенлиги себепли сол күни мәпдар тәреплердиң қатнасыўы соралады.

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Шымбай районлық судының баслығы

А.ХОЖАНОВ.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.