Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги мақсетлерди нәзерде тутқан социаллық әҳмийетке ийе жойбар буйыртпалары қабыл етиледи.

– Өзбекстан Республикасы Конституциясының тийкарғы қағыйдалары, принциплери ҳәм мақсетлерин ашып бериўге, нызам нормалары ҳаққында билимлерди үгит-нәсиятлаўға қаратылған арнаўлы басылымлар, мақалаларды таярлаў ҳәм басып шығарыў;

– халық арасында тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаўға, халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға жәрдемлесиў;

– мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеўде МКШлардың белсендилигин арттырыў, жәмийетте ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириў, ҳуқықый сананы жетилистириўге қаратылған жойбарларды қоллап-қуўатлаў;

– нызамлардың инсанлар турмысына реал тәсир дәрежеси ҳәм халық пенен қарым-қатнастың жаңа усылларын, нызамлардың социаллық қатнасықларды тиккелей тәртипке салыўдағы ролин ҳәм әҳмийетин арттырыўда социаллық шерикликтиң инновациялық усылларын енгизиў;

– сапалы социаллық хызметлер көрсетиў көлемин кеңейтиўге, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға, мәҳәллелердиң абаданлығын тәмийинлеўге жәрдемлесиў;

– халықтың руўхый-әдеп-икрамлылық, психологиялық билимлерин арттырыў, шаңарақта социаллық-руўхый орталықты жақсылаў, жәмийетте саламат руўхый орталықты тәмийинлеўди қоллап-қуўатлаў;

– кексе әўлад ўәкиллерине ғамқорлық көрсетиў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жасы үлкен инсанлардың жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, жаслар тәрепинен олардың турмыс тәжирийбелерин үйрениў, кекселерди ҳүрмет етиўге, ардақлаў, ғамқорлық көрсетиў сезимин қәлиплестириўге жәрдемлесиў;

– майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын, еркинликлерин, нызамлы мәплерин әмелге асырыўда теңдей шараятлар жаратыў, турмыс сапасын жақсылаў, мийнет етиўине бейимлестириўге жәрдем бериў;

– жаслардың ҳуқықларын, еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў, оларды миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет рухында тәрбиялаўға, пидайылық сезимин енгизиўге жәрдемлесиў;

– ҳаял-қызлардың, балалардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, социаллық-руўхый қоллап-қуўатлаўда мәмлекетлик уйымлар менен социаллық шерикликти күшейтиў;

– жас өспиримлер арасында жынаятшылықтың алдын алыў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге шараятлар жаратыўға жәрдемлесиў;

– адам саўдасы , нызамсыз мийнет миграциясынан жәбир көрген халыққа системалы профилактикалық үгит-нәсиятлаў ҳәм реабилитация илажларын әмелге асырыўда жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў;

Мәмлекетлик грант таңлаўында қатнасыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:

  1. Шөлкем басшылары тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты.
  2. www.fundngo.uz веб-сайтында жайластырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза.
  3. Мәмлекетлик дизимнен өткерилген Устав (Режеси) ҳәм гүўалықтың мөр менен тастыйықланған нусқасы.
  4. 4. Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы усынылады.
  5. 5. Мәпдар мәмлекетлик ҳәм ири жәмийетлик шөлкемлер менен дүзилген социаллық шериклик қоспа режелери қосымша етилиўи мүмкин.

Бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары – 30 миллион сумға шекем.

Ҳүжжетлер 2019-жыл 23-августтан 25-сентябрьге шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлер «Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонды» атына: 100163, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 43-жай мәнзилине «Өзбекстан почтасы» арқалы мөрленген конвертте (А-4 форматта) жиберилиўи шәрт.

Ҳүжжетлердиң үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың www.fundngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.

Мағлыўмат ушын телефонлар (0-371) 2392676, 2392686. 

 ӨзА