Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги мақсетлерди нәзерде тутқан социаллық әҳмийетке ийе жойбар буйыртпалары қабыл етиледи:

– ата-бабаларымыз тәрепинен топланған тарийхый, мәдений мийрасларды қәстерлеп сақлаў, оның өсип киятырған әўлад тәрбиясында зәрүрлиги бағдарындағы жәмийетлик басламаларды қоллап-қуўатлаў;

– миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларды жаслардың санасына сиңдириўге, этникалық мәдений дәстүрлерди қәстерлеп сақлаўға, халықтың дөретиўшилигин қоллап-қуўатлаўға жәрдемлесиў;

– Өзбекстанда жасап атырған ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықлардың әзелий миллий дәстүрлерин, үрп-әдетлерин қәстерлеп сақлаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында кең жәмийетшиликти хабардар етиў;

– мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў, халық арасында мәдений мийрасқа болған мүнәсибетти және де жетилистириў, оларды келешек әўладқа толық түрде жеткериў ҳәм мәдений мийрасқа болған көзқарасты қәлиплестириў бағдарында үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтиў;

– елимиздиң мәдений-тарийхый мийрасын ғалаба ен жайдырыўға, тарийхый туристлик зыярат етиў орынларын танытыўға, олардың жумысын үгит-нәсиятлаўға қаратылған ҒХҚ жойбарларын қоллап-қуўатлаў;

– миллий мәдений орайлар тәрепинен мәмлекетимиздиң еркин демократиялық раўажланыўын сәўлелендиретуғын ҳәр қыйлы топламларды, дөретиўшилик жумысларды басып шығарыўға, халыққа жеткериўде ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў;

– Өзбекстанның тынышлық ҳәм турақлылықты, пуқаралардың татыўлығын тәмийинлеў тараўындағы жетискенликлери, мәмлекеттеги кеңпейиллик принциплери, тарийхый ҳәм мәдений мийрас, халықтың үрп-әдетлери, қәдириятлары ҳаққында мәлимлеме, аналитикалық материаллар менен жаңалықларды миллий ҳәм сырт ел ҒХҚларында кеңнен сәўлелендириў;

– жәмийетте миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, Өзбекстанда жасап атырған ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықлар ўәкиллериниң өзине тән миллий дәстүрлери, үрп-әдетлери және мәресимлерин қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў бойынша мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында халықаралық жәмийетшиликти хабардар етиў;

– миллетлераралық дослық ҳәм аўызбиршилик, тилеклесликти және де беккемлеў, конфессиялараралық татыўлықты тәмийинлеўде пуқаралық жәмийети институтларының ролин ҳәм әҳмийетин күшейтиў;

– миллий өнерментшилик тараўында устазлық дәстүрлерин және де раўажландырыў, кексе әўладтың билими, тәжирийбеси ҳәм мийнет потенциалынан пайдаланыў, оларды турмысқа енгизиўге жәрдемлесиў;

– туризмниң тарийхый-илимий, экологиялық, белсенди, гастрономиялық ҳәм басқа да түрлерин сырт ел аудиториясы арасында ғалаба ен жайдырыў арқалы Өзбекстанның туристлик ҳәм мәдений-тарийхый тартымлылығын күшейтиў;

– туризмди раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғын мәдений туристлик жөнелислерин шөлкемлестириўге, социаллық инфраструктураны раўажландырыўға, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўге, инновациялық технологияларды тартыўға жәрдемлесиў.

Мәмлекетлик грант таңлаўында қатнасыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:

  1. Шөлкем басшылары тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты.
  2. www.fundngo.uz веб-сайтында жайластырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза.
  3. Мәмлекетлик дизимнен өткерилген Устав (Режеси) ҳәм гүўалықтың мөр менен тастыйықланған нусқасы.
  4. 4. Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы усынылады.
  5. 5. Мәпдар мәмлекетлик ҳәм ири жәмийетлик шөлкемлер менен дүзилген социаллық шериклик қоспа режелери қосымша етилиўи мүмкин.

Бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары – 30 миллион сумға шекем.

Ҳүжжетлер 2019-жыл 23-августтан 25-сентябрьге шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлер «Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонды» атына: 100163, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 43-жай мәнзилине «Өзбекстан почтасы» арқалы мөрленген конвертте (А-4 форматта) жиберилиўи шәрт.

Ҳүжжетлердиң үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың www.fundngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.

Мағлыўмат ушын телефонлар (0-371) 239-26-76, 239-26-86.

ӨзА