Белгили шайыр, жазыўшы, отставкадағы подполковник Жуманияз Өтениязовтың «Урланған сейф» атамасындағы гүрриңлер топламы «Қарақалпақстан» баспасында 1000 нусқада баспадан шықты.

Топламнан автордың қәлемине тийисли детектив, ҳүжжетли ҳәм қысқа гүрриңлер орын алған болып, оларда елимизде ғәрезсизликти беккемлеў дәўиринде ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң жынаятшылыққа қарсы гүресиўдеги машақатлы хызметлери сүўретленген.

Гүрриңлер китап оқыўшыларының ҳуқықый мәдениятын жоқарылатады, оларды талай жынаяттың келип шығыўына себепши болған спиртли ишимликлер ишиў, нәшебентлик сыяқлы унамсыз иллетлерге қарсы тәрбиялайды.

Топламға отставкадағы генерал-майор, Қарақалпақстанға мийнети сиңген юрист, 2-дәрежели мийнет ветераны Ж.Шылманов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, филология илимлериниң кандидаты А.Әбдиев, Өзбекстан, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамларының ағзасы, жазыўшы Б.Ерназаровлар унамлы пикир билдирген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.