Усы жылдың 21-август күни саат 03:30 ларда Хорезм ўәлаяты Янгиариқ районында жасайтуғын 24 жаслы Ф.К. өзиниң басқарыўындағы «Cobalt» маркалы автомашинасын Қарақалпақстан Республикасының Төрткүл районы аймағынан өтетуғын «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» жолында басқарып баратырып, қарама-қарсы жөнелиске шығып кеткен ҳәм қарсы тәрептен ҳәрекетленип киятырған 40 жаслы А.Б. басқарыўындағы «Nexia» маркалы автомашинасы менен соқлығысқан. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ хабар берди.

Ақыбетинде «Cobalt» автомобили басқарыўшысы, ондағы жолаўшы – Хорезм ўәлаятында жасаған 20 жаслы С.Н. исимли ҳаял, «Nexia» автомашинасының жолаўшылары – Хорезм ўәлаятында жасаған 18 жаслы М.Қ. исимли қыз ҳәм Хорезм ўәлаятында жасайтуғын 27 жаслы М.М. лар ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатларын алып, емлеўханаға жатқарылған.

Көрсетилген медициналық жәрдемлерге қарамастан С.Н. ҳәм М.Қ. лар сол жерде өмирден көз жумған.

Жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.