Президент мектеплериниң тийкарғы имтиханларына қатнасқан, жоқары балл топлап оқыўға қабыл етилмеген талабанлар республикадағы қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелерине имтихансыз қабыл етиледи. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, қәнигелестирилген мектеплерге 5- ҳәм 7-классқа өтип атырған оқыўшылар қабыл етиледи.

Қәнигелестирилген мектеплер ҳәм оларға оқыўға усыныс етилетуғын оқыўшылар дизими жақын ўақыт ишинде pm.xtv.uz сайтында жәрияланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.