Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жыл 22-август күни елимизде жумыс алып барып атырған сиясий партиялардың басшылары менен ушырасты. Болып өткен сөйлесиў даўамында партиялардың жәмийетимиздиң сиясий-жәмийетлик турмысындағы орны ҳәм ролин арттырыў, быйыл декабрь айында миллий парламентимиз ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымларына болатуғын сайлаўларға таярлық жумысларының барысы ҳаққында, бул бағдардағы ең әҳмийетли ҳәм актуал мәселелер бойынша ҳәр-тәреплеме пикир жүргизилди.

Бизге белгили, мәмлекетимиз өз раўажланыўының жаңа басқышына қәдем қойған ҳәзирги ўақытта турмысымыздың барлық тараўлары менен тармақларында терең демократиялық өзгерислер әмелге асырылмақта. Елимизде қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында жәмийетимизде көппартиялылық, сиясий плюрализм, пикирлердиң рәңбәреңлиги, ашық-айдынлық принциплерин күшейтиўге айрықша итибар берилмекте.

Бүгинги күнде республикамызда бес сиясий партия – «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы, Халық демократиялық партиясы, «Адолат» социал-демократиялық партиясы ҳәм Экологиялық партия жумыс алып бармақта. Олардың өз идеяларын ҳәм бағдарламаларын әмелге асырыўы, сайлаўларда теңлик, ашық-айдынлық ҳәм қалыслық принциплери тийкарында белсене қатнасып, парламент, жергиликли ўәкиллик уйымларында өз фракциялары ҳәм партиялық топарларын қәлиплестириўи және мәмлекетимиздиң сиясий-жәмийетлик турмысында белсене қатнасыўы ушын барлық нызамлы тийкарлар жаратылған. Жаңадан қабыл етилген Өзбекстан Республикасы сайлаў кодекси бул бағдарда және де кең имканиятлар жаратыўы менен әҳмийетли болып есапланады.

Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы «Ҳәр қандай сиясий партия заман менен тең қәдем таслап, оның айрықша талапларына жуўап берген жағдайда ғана сиясий күш сыпатында жасай алады», деп атап өтти.

Олий Мажлис ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине болатуғын сайлаўлар – бул мәмлекетимиз турмысындағы әҳмийетли ўақыя болып, пүткил халқымыз қатары сиясий партиялар ушын да үлкен сиясий мектеп болып хызмет ететуғынына гүман жоқ.

Сайлаўлардың көппартиялылық ҳәм альтернативлик, ашық-айдынлық және транспарентлик принциплери тийкарында, дүньяда улыўма тән алынған демократиялық стандартларға сәйкес ҳалда өтиўи көп жағынан сиясий партиялардың усы процесске пуқта таярлық көриўи ҳәм терең ойланған идеялар ҳәм мақсетлер, бағдарламалар менен оларда белсене қатнасыўына байланыслы.

Миллий нызамшылығымызда болажақ сайлаўларда депутатлыққа талабанлар тек ғана сиясий партиялар тәрепинен алға қойылыўы қатаң белгилеп қойылғаны ҳәр бир партияға үлкен ҳуқық ҳәм имканият бериўи менен бирге, жоқары жуўапкершилик те жүклейди.

Әлбетте, сайлаўлар алдынан ҳәр бир сиясий партия өзиниң сайлаўалды бағдарламасы, сиясий платформасын ислеп шығады, жаңадан-жаңа идеяларды ортаға таслайды, ел-журт арасында абырай-итибарға ерискен инсанлардың кандидатурасын алға қояды. Бир сөз бенен айтқанда, гүрес қызғын болады.

Сиясий партиялардың басшылары  менен сөйлесиў даўамында бул ретки сайлаўлардың өзине тән өзгешеликлери ҳәм әҳмийети, партиялар усы оғада әҳмийетли процесске қандай идеялар және мақсетлер менен баратырғаны, электораттың белсендилигин арттырыў, жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, оларда сиясий жетекшилик пазыйлетлерин қәлиплестириў, партия шөлкемлериниң жумысын күшейтиў ҳаққында ҳәр-тәреплеме пикир жүргизилди.

«Қайсы партияға тийисли екенине қарамастан, барлық ўатанласларымызды бирлестиретуғын бирден-бир ҳәм бирдей мақсет – бул жанажан Өзбекстанымыз, оның уллы келешеги болып есапланады. Мине усы мақсет ҳәммемизди ана ўатанымызға садықлық пенен хызмет етиўге шақырады», деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Сайлаўлар процесинде, демократиялық плюрализм шараятында халқымызға тән болған кеңпейиллик ҳәм адамгершилик, сиясий-ҳуқықый мәдениятты көрсетиў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды. Әсиресе, сайлаўалды үгит-нәсиятлаў кампанияларын заманагөй мәлимлеме-үгит-нәсиятлаў технологиялары жәрдеминде алып барыў бойынша нызамшылығымызда белгиленген нормаларға әмел етиў жоқары әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында бүгинги дәўир ҳәм елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың талапларынан келип шыққан ҳалда, сиясий партиялардың жумысы терең талланып, олардың жумысын жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша пикирлер, әмелий усыныслар билдирилди.

ӨзА