Усы жылдың 22-август күни саат 19:55 лерде Нөкис қаласы Ерназар Алакөз көшеси бойында жайласқан «Симург-Торт Нукус» ЖШЖға қараслы болған еки этажлы имараттың екинши этажында жайласқан улыўмалық аўқатланыў орнынның 150 квадрат метрлик бастырмасында өрт келип шыққан. Бул ҳаққында ҚР Өрт қәўипсизлиги басқармасының Өртке қарсы үгит-нәсият топары хабар берди.

Өрт жүз берген орынға 5 өрт өшириў экипажы саат 20:03 те жетип барған. Өрт саат 20:33 те толық орап алынып, 20:55 те толық сапластырылған.

Өрттиң келип шығыўына қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпестен, имаратқа суўытыў системасын орнатыў мақсетинде кепсерлеў жумысларының алып барылғаны ҳәм ақыбетинде электр сымларына күшли жүклениў түсиўи себепши болған.

Өрт ақыбетинде ҳеш ким дене жарақатын алмаған. Ҳәзирги ўақытта келтирилген зыян муғдары анықланбақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.