Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-август күни АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң сиясий мәселелер бойынша орынбасары Дэвид Хейлди қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қызғын қутлықлап, соңғы жылларда көп қырлы Өзбекстан – АҚШ қатнасықлары избе-из раўажланып атырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өткен жылдың май айында Вашингтонда болып өткен нәтийжели жоқары дәрежедеги ушырасыўлар мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликтиң жаңа дәўирин баслап бергени атап өтилди.

Өз гезегинде америкалы дипломат Өзбекстан басшысына қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамп ҳәм Мәмлекетлик хаткери Майкл Помпеоның сәлемлери менен жақсы тилеклерин жеткерди.

Дэвид Хейлдиң сөзлерине бола, АҚШ тәрепи Өзбекстанда мәмлекетлик қурылыс ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў тараўларында әмелге асырылып атырған жаңаланыўларды, халықтың турмыс дәрежеси менен сапасын арттырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўге қаратылған реформаларды жоқары баҳалайды.

Өзбекстан ҳәм Орайлық Азиядағы басқа да мәмлекетлердиң региондағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеў бағдарындағы ис-ҳәрекетлери қоллап-қуўатланыўы билдирилди.

Аўғанстандағы жағдайды тыныш жол менен шешиў ҳәм усы мәмлекетти регионаллық процесслерге жедел тартыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме қатнасықларға байланыслы ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер додаланды.

Саўда-экономикалық, инвестициялық, инновациялық, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланыслар жеделлесип, АҚШтың жетекши компаниялары, банк ҳәм шөлкемлериниң қатнасыўындағы қоспа жойбарлар көбейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Быйыл июнь айында сертификатланған дәслепки АҚШ экономикалық миссиясының Өзбекстанға еткен сапары нәтийжесинде алға қойылған исбилерменлик басламаларды қоллап-қуўатлаў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында Мәмлекетлик хаткердиң орынбасары Дэвид Хейл АҚШтың мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы умтылысы исенимли екенин атап өтти.

ӨзА