Ҳәзирги ўақытта республикада 9 мың 774 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жумыс алып бармақта.

Соның 5 мың 832 си мәмлекетлик, 3 мың 942 си мәмлекетлик емес мәкеме. Мәмлекетлик емес МБМниң 753 и жеке меншик, 419 ы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында ҳәм 2 мың 770 и шаңарақлық болып есапланады.

Мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алынған балалардың саны 6,1 процентке өскен ҳәм  2019-жыл биринши ярым жыллығының нәтийжесине бола, 1 миллион 66 мың 353 ти қурайды. Республика бойынша 3-7 жастағы мектепке шекемги билимлендириў жасындағы балалардың улыўма саны 2 миллион 631 мың 708.

Бизге белгили, 2018-жылда балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў 34,4 процентти қураған еди. 2019-жылдың ярым жыллығы жуўмақланып, мәмлекетлик МБМлерде жаратылған орынлардың саны мектепке шекемги жастағы балалардың 40,5 процентин қамтып алыўға имканият береди.

Еслетип өтемиз, 2030-жылға барып балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў ҳәзир 40.5 проценттен 80,8 процентке шекем көтерилиўи режелестирилген.

ӨзА