Әдиллик министрлиги телеграмдағы «Ҳуқуқий ахборот» каналы арқалы Ишки ислер хызметкери өзине жүкленген миннетлемелерди күш ислетпей орынлаўдың илажы болмаса, қандай жағдайларда күш ислетиў мүмкин екенлиги ҳаққында мағлыўмат берди. Оған бола:

жынаятларға ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларға шек қойыў ушын;

жынаятларды ямаса ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды ислеген шахсларды ең жақын жердеги ишки ислер уйымына ямаса ҳуқық қорғаўшы басқа уйымға алыў барыў ҳәм сол шахсты услап турыў ушын;

ишки ислер уйымлары хызметкериниң нызамлы талапларына қарсылық көрсетилиўин сапластырыў ушын.

Физикалық күш жумсаў шахстың ҳәрекетлерине ҳәм қәўиплилик дәрежесине муўапық болыўы керек.

Физикалық күш ислетилгенлиги ҳәм арнаўлы қураллардан пайдаланғанлығы нәтийжесинде шахстың өмирине, денсаўлығына ямаса мүлкине зыян жеткерилген ҳәр бир жағдай ҳаққында ишки ислер уйымлары прокурорға тезлик пенен хабар бериўи шәрт.

Қарақалпақстан хабар агентлиги