«Жаслық» сөзи тилимизде балалардың дем алыў орны сыяқлы айтылса да, негизинде бул жер жақын күнлерге шекем дүньяның ең репрессив режимлеринен болған система душпанлары изоляцияланатуғын ҳәм қыйнаўларға дуўшар етилетуғын қамақханалардың бири еди.

Ҳәзирги ўақытқа келип, Өзбекстанның реформатор президенти Шавкат Мирзиёев оны жабыўға қарар еткен», – деп жазады «The Economist» басылымы. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Усы белгили басылымның 10-август күнги санында 19-санлы жазаны атқарыў колониясының сапластырылыўы ҳаққында мақала жәрияланды.

«Жаслық» орта әсирлер стилиндеги варваризмге уқсап кеткен – 2002-жылы бул қамақханада еки тутқын қайнатылған суўға салыныўы ҳәм ақыбетте олар қайтыс болыўы бул пикирди дәлиллейди. Бул жерде дин ҳәм сиясат оппозиционерлери металл таяқ пенен сабалыўы, тырнақлары алып тасланып, электрошокқа дуўшар етилиў жағдайлары да бақланған, – деп тәрийп берилген қамақханаға усы мақалада.

Автор ямаса авторлар топары шөл ортасында жайласқан бул қамақханада ҳаўаның температурасы +45 градустан -35 градусқа шекем парқланыўы, колония Ташкент қаласынан 1400 км қашықлықта, ең жақын қаладан 180 км узақта жайласқаны себепли тутқынлар қашыў ҳаққында ойлап көриўиниң өзи имкансыз болғанын атап өткен.

«Жаслық совет дәўириндеги Сибирь лагерине уқсап кететуғын еди ҳәм оның модели сол лагерьден алынған еди», – деп жазған автор.

Мақалада қамақхана 1999-жылы Ташкентте болып өткен жарылыўдан соң Өзбекстанның биринши президенти Ислам Кәримовтың тапсырмасы менен ашылғаны атап өтилген.

«Ҳәзирги мәмлекет басшысы Шавкат Мирзиёев мәмлекетте алып барып атырған сиясий ҳәм экономикалық либерал реформалары менен дүньяны таң қалдырып, 50 сиясий тутқынды азатлыққа шығарды, экстремистлик ағымға байланысы бар, деп гүманланған 20 мың адамды қара дизимнен өширди.

Сондай-ақ, Мирзиёев Өзбекстанда айыпты тән алдырыў ушын қыйнаў шараларын қадаған етти, тек ғана «Жаслық» емес, ал барлық тергеў системасында ҳәўиж алған зорлық ислетиўди тоқтатты», – деп даўам еткен халықаралық басылым.

«The Economist» басылымында жазылыўынша, ҳүкимет ўәкиллери бул колонияның жабылыўын мәмлекетте инсан ҳуқықларын тәмийинлеўге қарай тасланған қәдем сыпатында атап өтип атырған болса да, оның тарийхы ҳәм онда тутқынлар қыйнаўларға дуўшар етилгенин бийкарламақта.

Мақалада, соның менен бирге, мәмлекет жынайы мәселелерде жәриялылықты көбирек тәмийинлеўи зәрүрлиги атап өтилген.

«Реформалар болып атырғанына қарамастан, еле мәмлекетте жынайы жумыслар системасында әдиллик айқын көриниўинен алдын орынланыўы керек болған ўазыйпалар бар. Мәселен, жансызлық хызмети елеге шекем жабық судларда көрилмекте.

Академик Андрей Кубатин жасырын сырларды басқа мәмлекетке жеткергенликте айыпланып, қамақ жазасын атқармақта.

Бурынғы дипломат Қодир Юсупов үстинен суд процеси болса даўам етпекте. Ол сыртқы ислердеги хызметинен жансызлықта гүманланыўынан бир қанша алдан кеткенине қарамастан, усындай аўыр жынаятта айыпланбақта. Юсуповтың Ташкент метросында өз жанына қастыянлық етпекши болған ўақтында усланыўы онда шизофрения кеселлиги болғаны ямаса болмағаны, судлаў ушын психологиялық жағдайы жуўап бере ме, деген сораўларды да жүзеге шығармақта», – деп жазылған мақалада.

 

Аўдарма: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.