«Менинг фикрим» жәмийетлик мүрәжатлар порталында «Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Шымбай филиалын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы петиция жәрияланды.

«Қарақалпақстан Республикасының Шымбай, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районлары жасларының жоқары билим алыўына кең имканият жаратыў ҳәм педагогика тараўында қәнигели кадрлар таярлаў мақсетинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Шымбай филиалын шөлкемлестириўди усыныс етемен. Усы филиал шөлкемлестирилсе, жоқарыда атлары аталған үш район менен бирге Кегейли районы жаслары ушын да еле де кең имканиятлар жаратылған болар еди», – деп жазылған мүрәжатта.

Мүрәжат авторы усыларды есапқа ала отырып институттың Шымбай филиалын ашыўды усыныс еткен.

Бул мүрәжат тийисли уйымлар тәрепинен көрип шығылыўы ушын 5 мың даўыс топлаўы керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.